Бүгин,  11-март күни азанда пайтахтымыздағы А.Досназаров көшеси, «Ла Прима» рестораны алдындағы жолда «Matiz» ҳәм «Газель» жолаўшы тасыўшы автомобильлери арасында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Бул ҳаққында «Дежурная часть» каналы хабар берди.

Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, «Matiz» автомобили жолдың қарама-қарсы тәрепине өтип ҳәрекетлениўи ақыбетинде «Газель» менен соқлығысқан. Ўақыя ақыбетинде «Matiz» басқарыўшысы қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў ушын емлеўханаға жиберилген. Бирақ, алған жарақатлары ақыбетинде қайтыс болған.

«Газель»деги бир неше жолаўшылар ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алған.

Хабарда жазылыўынша, ҳәзир ўақыя себеплерин анықластырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.