Қоңсылас мәмлекетлерден оқыўын көшириў нәтийжелерин https://natija.edu.uz системасы арқалы онлайн билиў имканияты жаратылды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Ҳәзирги ўақытта тест режиминде ислеп атырған бул система жәрдеминде усы жылдың 7-февралынан 15-февралына шекем арза менен мүрәжат еткен пуқаралар өз нәтийжелерин билиўи мүмкин.

Буның ушын пуқараның паспорт сериясы ҳәм номерин киргизиў керек болады.

Хабарда жазылыўынша, кейин ала бул системаның жумыслары жетилистирилип, Бирден-бир мәмлекетлик интерактив хызметлер порталы арқалы жергиликли ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынларынан оқыўды көшириў ҳәм қайта тиклеў ушын арзаларды қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметти иске қосыў жобаластырылған.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссияның 2020-жыл 4-февральдағы 12-санлы протоколы тийкарында қоңсылас мәмлекетлерде оқып атырған Өзбекстан Республикасының пуқараларына оқыўын республикамыздағы жоқары оқыў орынларына көшириў бойынша арза тапсырыўға рухсат берилген еди.

Арзалар 2020-жыл 15-мартқа шекем қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.