Бүгин Ҳиндстанда Ҳоли байрамы. Байрам сәнеси ҳәр бир жыл ушын өзине тән. 2020-жылы бул сәне 10-мартқа туўра келеди. Ҳоли-ҳиндлердиң ең жарқын байрамларынан бири болып, февраль-март айларына туўра келеди.

Ҳоли-қуяш нуры ҳәм гүллеп-жаснап атырған тәбияттың қуўнақ шадлығы менен толған бәҳәр байрамы.

Байрамда ҳәмме «банг» ишимлигинен ишеди. Бул ишимлик кеневир жапырақларынан ҳәм сүт өнимлеринен таярланады. «Банг» ишимлигиниң бир неше түрлери бар. Ҳинд асханасы ҳәтте сүтке қосылатуғын оғада көп дәмли шөплери менен ажыралып турады.

Бул байрам бүгинги күнде Ҳиндстанда ҳәм сырт елде кеңнен белгиленеди.

 

ӨзА