СУД ҲӘМ ЖАСЛАР

Нөкис районындағы Шортанбай аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжинде «Суд ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў болып өтти.

Илажда  Жынаят ислери бойынша Нөкис районлық судының баслығы А.Сейтанов, районлық Ҳәкимшилик судының баслығы К.Қыпшақбаев сөзге шығып, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға, соның менен бирге, Олий Мажлиске жоллаған Мүражатының мазмун-мәнисине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Мүрәжатта жасларымызды терең билим, жоқары мәнаўият ҳәм мәденият ийеси етип тәрбиялаў, 6 жастағы балаларды мектепке таярлаў, улыўма билим бериў мектеплериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жоқары билимлендириў системасын жетилистириў мәселесине айрықша итибар берилген. Усы оқыў жылынан баслап пүткиллей жаңа профессионал билимлендириў системасы жолға қойылып, кәсип-өнер мектеплери, колледж ҳәм техникум шөлкемлестирилетуғынлығы айрықша атап өтилди. Әсиресе, улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўшилерин жоқары оқыў орнына қамтып алыў көрсеткиши жылдан-жылға артып барады. Соның ишинде, студентлерди қабыл етиў мәмлекетлик грантлардың дерлик еке есеге көбейтилиўи жасларымызға көрсетилип атырған айрықша ғамқорлықтың үлгиси десек болады.

Жаслар арасында исбилерменликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. «Жаслар келешегимиз», «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде жасларға егислик жер майданларын, коммерциялық банклер тәрепинен жеңиллетилген кредитлер ажыратыў нәзерде тутылмақта. Ҳәр бир сектор басшыларына жасларды аталыққа алыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, келешекте өмирден өз орнын таўып кетиўи ушын жәрдем бериў ўазыйпасы жүкленди.

Ҳақыйқатында да, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға жетерли шараятлар жаратыў бүгинги күнниң баслы мәселелериниң бирине айланбақта. Атап айтқанда, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў мақсетинде бес басламаның алға қойылыўы айрықша әҳмийетке ийе болды.  Президентимиз 2019-жылдың 27-декабрь күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде жаслар менен болған ушырасыўда,-«2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады, «Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен қурамыз!»,-деп жасларға жоқары исеним билдирди.

Елимиздиң басшысы тәрепинен билдирилген бундай жоқары исенимге жуўап қайтарыў ҳәр бир жастың әдиўли ўазыйпасы болып табылады. Буның ушын, жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда билим алыў, кәсип өнер ийелеў, спорт пенен шуғылланыў керек. Жынаятшылыққа ҳәм ҳәр қандай жат иллетлерден аўлақ болыў, солай етип, Президентимизге қол-қанат  болыўы тийис.

Илаж соңында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ушырасыўға белсене қатнасқан жасларға «Әдил судлаў» ҳәм «Пуқаралық жәмийети» журналлары саўға етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.