Президент Шавкат Мирзиёев 7-март күни Ташкент қаласында әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарларды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Пайтахтымызда 2020-2022-жылларда улыўма баҳасы 9 миллиард 884 миллион долларлық 762 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Олардың 122 си мәмлекетлик бағдарлама, 640 ы аймақлық инвестициялық бағдарламалар шеңберинде

болып есапланады.

Атап айтқанда, санаат тараўында 1 миллиард 590 миллион долларлық 242 жойбар, хызмет көрсетиў бағдарында 4 миллиард 966 миллион долларлық 337 жойбар әмелге асырылыўы мөлшерленген. Заманагөй турақ жай қурылысы бойынша 3 миллиард 328 миллион долларлық 183 объекттиң қурылыўы нәзерде тутылған.

Мәжилисте ҳәр бир райондағы перспективалы жойбарлардың презентациясы өткерилди.

«Сергели» индустриаллық парки» киши санаат зонасында әмелге асырылатуғын улыўма баҳасы 350 миллион долларлық, Яшнобод районындағы Технопаркте улыўма баҳасы 418 миллион долларлық жойбарлар олардың ең әҳмийетлилеринен бири болып есапланады.

Яккасарой киши санаат зонасының аймағында шөлкемлестирилетуғын Ташкент исбилерменлик орайы, «Юнусабад сити»деги заманагөй турақ жай, кеўилашар ҳәм исбилерменлик орайлары да қаланың раўажланыўына хызмет етеди.

– Инвестиция ҳәм экспорттан мақсет, жумыс орны, қосымша дәрамат. Ташкентте бул бағдарда оғада үлкен ресурслар бар. Ҳәзирги ўақытта олардың ярымынан да пайдаланылмай атыр. Соның ушын ҳәр бир район кесиминде киши ҳәм орта кәрханаларды үйренип, өндирис ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиў, халқымызға кепилленген дәрамат дәрегин жаратыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

2020-жылы жәми 4,8 миллиард доллар инвестициялардың өзлестирилиўи нәтийжесинде 400 ден аслам жойбар пайдаланыўға тапсырылатуғыны мәлим етилди. Булардың шеңберинде 32050 жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.

Сондай-ақ, быйыл 710,5 миллион доллар муғдарында экспорт етилиўи мөлшерленген. Оның дерлик 674 миллион доллары санаат өнимлери, 36,5 миллион доллары мийўе-овощ өнимлерине туўра келеди.

– Олтиариқ районы 120 миллион долларлық өним экспорт етип атыр. Ташкенттегидей санаат объектлери, коммуникация оларда жоқ. Пайтахтта зәрүр инфраструктура бар. Ҳәкимлер жертөлени тазалаў менен шуғылланатуғын ўақыт өтти. Ендигиден былай район басшылары исбилерменликти раўажландырып, исбилерменлерди айланыс қаржылар менен тәмийинлеп, экспортқа жәрдемлесип, олар менен мәнзилли жумыс ислеўи керек. Сизлер өзгермейтуғын екенсиз, жағдай өзгермейди, – деп атап өтти Президент.

Инвестицияларды тартып, зәрүрлик болса, сыртқы басқарыўға берип, санааттың жаңа бағдарларын жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

 

ӨзА