ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР БАЙРАМЫ АЛДЫНАН

 Усы жыл 6-март күни Нөкис қаласындағы «Кәрўан сарай» ресторанында 8-март халықаралық Ҳаял-қызлар байрамына бағышланып, «Дүньяның гүлтажы өзиңсең, ҳаял!» атамасында салтанатлы илаж болып өтти.

Оған республикамыздың қала ҳәм районларынан, мийнет жәмәәтлеринен, оқыў орынларынан белсендилер, кәсип пидайылары болған ҳаял-қызлар қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды бәҳәр ҳәм гөззаллық байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, халқымыз әзелден гөззаллық және садықлық тымсалы болған әдиўли аналар менен дилбар қызларға айрықша ҳүрмет көрсетип, оларды пидайылық ҳәм мийрим-шәпәәт, өмир даўамшылары, өзгеше нәзиклик пенен гөззаллықты өзлеринде жәмлеген әжайып жаратылыс сыпатында қәстерлеп келген. Сонлықтанда, бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыў-бул мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан саналады. Соны айрықша атап өтиў керек, бүгинги күнде ҳаял-қызларымыз турмыстың түрли тараўларында нәтийжели хызмет етпекте.  Әсиресе, халық исенимине ерисип, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасында, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерде 160 қа шамалас депутат ҳаял-қыз жумыс алып бармақта. Буннан тысқары, 15 илим докторы, 180 ге шамалас илим кандидаты жасларымызға устазлық етпекте. Өткен жыллар ишинде өзлериниң айрықша таланты, терең билими және шеберлиги менен ажыралып туратуғын 23 қыз Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы, быйылғы жылы Қарақалпақстаннан 19 ҳаял-қыз «Муътабар аёл» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Байрам алдынан мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста белсендилик көрсеткен, өзиниң жемисли мийнети арқасында шаңарақтың қәлиплесиўинде ҳәм абаданлығын тәмийинлеўде, аналық ҳәм балалықты қорғаўға өзиниң мүнәсип үлеслерин қосқан бир топар ҳаял-қызлар «Муътабар аёл», сондай-ақ, «Ардақлы нураний», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған еди. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ. Сариев усы сыйлықларды өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырды.

Сыйлықланғанлар атынан Нөкис қаласындағы «Туран» мәкан пуқаралар жыйынының белсендиси, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Р.Жумабаева, Әмиўдәрья районынан мәҳәлле белсендиси, нураний устаз Р.Раимова шығып сөйлеп, ҳаял-қызларға көрсетип атырған айрықша ғамқорлығы және итибары ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

-Соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен республикамызда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта,-дейди Бозатаў мәмлекетлик Тоғай хожалығы «Нәўпир» бөлиминиң тоғайтөреси, «Шуҳрат» медалы ҳәм «Муътабар аёл» көкирек белгисиниң ийеси Тамара Карамова.-Соның ишинде шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районының қайта шөлкемлестирилиўи халқымызға болған айрықша ғамқорлықтың үлгиси болды. Районымызда бүгинги күни көплеген жаңа имаратлар қурылып, абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Жыйналғанларға байрам дәстурханы жайылып, көркем өнер шеберлери менен жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.