Кәсипке меҳир қойсаңыз, әлбетте, мийнетиңиздиң рәҳәтин көресиз, Сәлима Кадиримбетова өз жумысында буның дәлийлин көрмекте. С.Қәдиримбетова 1992-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң филология факультетин тамамлап, дәслеп Нөкис районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 12-улыўма билим бериў мектебинде муғаллим болып жумыс баслады. Бүгинги күнде 22-улыўма билим бериў мектебинде оқыўшыларға қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен сабақ берип келмекте.

Ол ҳәр бир сабақты алдынғы педагогикалық технологиялар тийкарында, көргизбели қураллар жәрдеминде мазмунлы өтиўге, оқыўшының дыққат-итибарын темеға қаратыўға ҳәрекет етеди. Себеби баланы сабаққа қызықтыра алсаң, мийнетиң зая кетпейди. Соның ушын ҳәр күни сабаққа пуқта таярлық пенен келеди.

Сәлиманың сабақ өтиў усылы район ҳәм ҳәттеки республика көлеминде ғалаба ен жайдырылғанын атап өтиў керек. Район мектеплеринде мазмунлы ашық сабақлар менен қатнасып, ҳәммеге өрнек болып келмекте. Атап айтқанда, райондағы таяныш мектебинде тренер-муғаллимниң «Әдебият теориясынан мағлыўмат» (ғәзел, муҳаммас, рубайи), Абу Райхан Берунийдиң «Ески халықлардан қалған естеликлер» шығармасы», Юсуп Хас Хажибтиң «Бахытқа баслаўшы билим» шығармасы» темаларында өткен ашық сабақлар, үлгили сабақ қолланбалары республикамыз көлеминде ғалаба ен жайдырылған.

 

 

Ол тәлим-тәрбия берген оқыўшылар район, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм республика көлеминде пән олимпиадасы ҳәм «Билимлер беллесиўи»нде сыйлы орынларды ийеледи. Соның ишинде, район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Елиў жылда ел жаңа» темасындағы шығармалар таңлаўында 8-класс оқыўшысы Камила Орынбасарова биринши, Өзбекстан жаслар аўқамы районлық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Мен не ушын сүйемен, Өзбекстанды» темасындағы шығармалар таңлаўында 9-класс оқыўшысы Нилуфар Сатбаева екинши, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша өткерилген пән олимпиадасында 9-класс оқыўшысы Умида Муратбаева районлық басқышта биринши, 7-класс оқыўшысы Гүлнара Жолдасбаева болса республика көлеминде биринши орынды ийеледи.

Сәлима Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги республикалық оқыў-методикалық орайының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәниниң эксперти де болып есапланады. Улыўма билим бериў мектеплериниң 5-, 6-, 7-, 8-, 9-класслары ушын  әдебият сабақлықларының рецензенти. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң Билимлендириўде Глобаллық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Жәҳән банкиниң «Мектепке шекемги ҳәм улыўма билимлендириўди жетилистириў» жойбары шеңберинде ислеп шығылған жети китаптан ибарат «Камалактиң жети жилўасы» топламының аўдармашыларынан бири болып есапланады. Буннан тысқары, жоқарыда атап өтилген жойбар шеңберинде 2016-жылы Ташкент қаласында басып шығарылған «Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияшылары ушын оқыў-қолланба»сын қарақалпақ тилине аўдармалаған.

– Сәлима өз кәсибин сүйетуғын. бәрқулла жаңалыққа умтылыўшаң, кеўли ашық инсан, – дейди оның кәсиплеси, математика пәни оқытыўшысы Зульфия Мураткамалова. – Өзиниң жеке пикирине ийе, муғаллимлердиң дыққатын өзине тарта алатуғын педагоглардан. Алдынғы педагогикалық тәжирийбеси менен мектеп жәмәәти ҳәм муғаллимлери арасында ҳүрметке ылайық.

Терең теориялық билимге, жоқары методикалық шеберликке ийе устаздың мийнети ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланбақта. Ол Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық билимлендириў ағлашысы. 2019-жылы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша өткерилген «Жылдың ең жақсы пән оқытыўшысы» таңлаўының Қарақалпақстан ҳәм республикалық басқышының жеңимпазы болды. 2016-жылдан берли мәмлекетлик тест орайының эксперти. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў инспекциясы тәрепинен өткерилген қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша жоқары категориялы муғаллимлер таңлаўында ең жоқары балл топлады ҳәм усы инспекцияның экспертлигине усыныс етилди.

– Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан муғаллимлери ҳәм устазларына жоллаған байрам қутлықлаўында атап өткениндей, бүгинги күнниң муғаллими универсал қәниге, ҳәм муғаллим, ҳәм үйрениўши болыўы, яғный өз үстинде тынымсыз ислеўи, турақлы изленип жасаўы керек, – дейди С.Кадиримбетова. – Ҳақыйқатында да, кеўлинде өз кәсибине, Ўатанына меҳир ҳәм садықлық күшли болған муғаллим ғана ҳақыйқый ўатансүйгиш шахсты тәрбиялай алады. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билимлендириў тараўын реформалаў, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оқытыўдың сапасы ҳәм педагог хызметкерлердиң билими ҳәм маманлығын арттырыў, олардың мийнетин мүнәсип баҳалаўға айрықша итибар қаратылмақта.

 

 

Бул бағдарда шешимин күтип атырған машқалалар да бар. 216 оқыўшыға мөлшерленген мектебимизде 381 оқыўшы билим алмақта. Класс ханалары, заманагөй электрон тахта, компьютерлер, лаборатория үскенелери жетиспейди. Бирақ усыған қарамастан педагогикалық топарымыз Президентимиздиң бизлерге билдирген жоқары исенимин ақлаў жолында пидәкерлик пенен мийнет етпекте. Мәмлекетимиз басшысының «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2020/2021-оқыў жылынан баслап улыўма билим бериў мектеплериниң жүклемесин оптималластырыў нәзерде тутылмақта. Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде билимлендириў тараўындағы машқалалар өз шешимин табады, деген үмиттемиз.

Дерлик 30 жыл жас әўладқа тәлим-тәрбия берип киятырған устаз шаңарақта меҳрибан үй бийкеси де болып есапланады. Өмирлик жолдасы, суў хожалығы тараўының хызметкери Тазабай Аўезов пенен үш перзентти тәрбияламақта. Үлкен улы Өмирбай Аўезов ҳәм келини Ширинай Матжанова мектепте география пәниниң муғаллимлери. Екинши улы Қонысбай Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти, кенже улы Илҳам 9-класс оқыўшысы. Әлийшер ҳәм Айзия атлы еки ақлықтың сүйикли кемпир апасы.

Бул шаңарақ «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны Дәрбент аўылындағы үлгили шаңарақлардан бири. Үй әтирапындағы 24 сотих қыйтақ жеринде бағ жаратып, түрли палыз егинлерин егеди. Ол шаңараққа қосымша дәрамат. Жасларды мийнетсүйгишликке үйретиў, сол арқалы жәмийетимизде тынышлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, мектеп, шаңарақ ҳәм мәҳәллениң бирге ислесиўине тийкарланған социаллық системаның нәтийжесин арттырыўда Сәлима сыяқлы муғаллимлер ҳәммеге үлги болып есапланады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы