Елимизде кейинги жылларда ҳаял-қызларға итибар оғада күшеймекте. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳаял-қызларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты пүткиллей жаңа басқышқа шығарды. Сондай-ақ, жәмийетимизде ҳаял-қызларды социаллық қоллап-қуўатлаў, ҳуқықый билимин арттырыў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, белсенди ҳәм пидайы ҳаял-қызларды хошаметлеп барыў илажлары кең түрде алып барылмақта.

Усындай реформалардың әмелий көриниси сыпатында жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларда белсендилик көрсетип, өзиниң нәтийжели мийнети менен шаңарақлардың татыўлығының тәмийинлениўине үлкен үлес қосып киятырған, орынлардағы руўхый-мәнаўий орталықты қәлиплестириў ҳәм миллий үрп-әдет, дәстүрлеримизди кеңнен үгит-нәсиятлаўда үлги көрсетип киятырған ҳаял-қызларымыздың қатары көбеймекте.

Усындай белсенди ҳаял-қызлар қатарында Нөкис қаласындағы «Туран» мәкан пуқаралар жыйынының белсендиси Рысгүл апа Жумабаева да бар.

Ол 2014-жылдан берли напақада. 1980-жылы Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика бөлимин тамамлағаннан кейин, ҳүрметли дем алысқа шығаман дегенге шекемги аралықта журналистика тараўында жумыс ислеп, Қарақалпақстан радиосындағы балалар ҳәм жаслар, музыка-дем алыў бағдарламалары редакцияларында  ҳәр қыйлы еситтириўлерди таярлап, алып барған. Оның таярлаған «Нәўпир», «Жаслық» еситтириўлери халқымыз арасында  тыңлаўшысы көп болған еситтириў болып, жасларға байланыслы әҳмийетли машқалаларды алып шыққан. Өз ўақтында ол тәрепинен таярланған «Дәўир қызлары» ҳәм «Кеўил бостаны» радиожурналлары өзиниң көплеген тыңлаўшыларына ийе болған. Оның «Қалқан» радиоеситтириўи пуқаралардың ҳуқықый билимлерин арттырыўға үлкен хызмет етти.

Мийнет жәмәәти арасында абырайы беккем болып, жәмийетлик жумысларға белсене қатнасатуғынлығы, шөлкемлестириўшилик уқыбы себепли Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясының кәсиплик аўқамы комитетине басшылық еткен.

Сондай-ақ, «Тикенек» сатиралық радиожурналы оның дөретиўшилик излениўлери нәтийжесинде тыңлаўшылардың асығыслық пенен күтетуғын еситтириўи болды.

Рысгүл апа Жумабаева бир неше жыллар даўамында Өзбекстан радиоканалы ушын «Қорақалпоғистон овози», «Диёр» бағдарламаларын таярлап келген. Қарақалпақстан телеканалында «Рәўшан» тележурналының баслаўшысы болды.

Көп жыллар даўамында радиодағы «Жаслар каналы»н шөлкемлестириўге баслама көтерип, жасларымыздың руўхый дүньясын байытыўға үлкен хызмет етти.

Оның журналистлик тәжирийбелери тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика бөлиминиң профессор-оқытыўшылары менен биргеликте «Дүньяны тербеткен ҳаял» (2001ж) атамасында әмелий қолланба таярланып баспадан шығарылды.

Оның көп жыллық мийнетлери есапқа алынып, 1998-жылы Қарақалпақстан Республикасы «Халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси, 2000-жылы Өзбекстан Республикасының «Шуҳрат» медалы, 2001-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы»  менен сыйлықланған. 2011-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атағы берилген.

Бүгинлигинде ҳүрметли кәсиплесимиз Рысгүл апа Жумабаева өмирлик жолдасы, белгили шайыр Шарапатдин Аяпов пенен биргеликте еки қыз ҳәм еки улды кәмалға келтирип, онлаған ақлық сүйип отырған ҳүрметли ана.

Ол пайтахтымызда 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен өткерилген салтанатлы мәресимде «Мўътабор аёл» көкирек нышаны менен сыйлықланды.

– Оның көп жыллық журналистлик тәжирийбеси өзи жасап атырған мәкан пуқаралар жыйынында да қол келмекте,-дейди «Туран» МПЖ баслығы Өмирзақ Палўаниязов. – Бул жердеги шаңарақлардың аўызбиршилигин тәмийинлеў, әсиресе, ҳаял-қызлар менен бирге ислесиў, жаслар арасында ҳәр қыйлы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мәселелеринде, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда бизлерге үлкен жәрдемин тийгизбекте.

Пуқаралар жыйынларында өткерилетуғын жыйналысларда оның пикир-усыныслары жас шаңарақлар арасындағы ажырасыўлардың алдын алыўда, ҳәр қыйлы даў-жәнжеллердиң унамлы шешилиўинде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бул бағдардағы жумысларда ол бәрқулла бизлер менен бирге ислеспекте.

Рысгүл Жумабаева ҳәзирги ўақытта мәҳәллемизде руўхый-ағартыўшылық илажларды системалы түрде әмелге асырыўда, жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте бирге ислесиў бағдарламаларын үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.