Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 14-ноябрьдеги 914-санлы қарарында Өзбекстан жаслар аўқамының белсенди ағзаларына усыныснамалардың берилетуғыны ҳәм билимлендириў мәкемелерине жеңилликли қабыл етилетуғыны белгиленген. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайының баспасөз хызмети хабар бермекте.

Қарарға муўапық:

усыныснамалар Өзбекстан жаслар аўқамы системасындағы сәрдарларға, басланғыш шөлкемлердеги бағдар жетекшилерине, еки жыллық мийнет стажына ийе болған пидәкер жасларға бериледи;

усыныснамаларға ийе болған жаслар турақлы жасаў орнындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң педагогикалық тәлим бағдарларына таңлаўдан тысқары тест сынақларысыз ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларсыз мәмлекетлик грантлар тийкарында оқыўға кириў жеңиллигине ийе болады;

усыныснамалар Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының биреўден (жәми 14) жасларына усынылады.

Талабанлар усыныснамаға ийе болыў ушын төмендеги үш басқышта сайлап алынады:

1-басқыш – Өзбекстан Республикасының район ҳәм қалаларында район (қала)лық комиссиясы тәрепинен әмелге асырылады.

2-басқыш – Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардың орайлары ҳәм Ташкент қаласында аймақлық комиссия тәрепинен әмелге асырылады.

3-басқыш – жуўмақлаўшы басқыш болып, республикалық комиссиясы тәрепинен әмелге асырылады.

Республикалық комиссия таңлаў нәтийжелерине бола Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының биреўден (жәми 14) ең мүнәсип жаслар дизимин тастыйықлайды ҳәм 10 күн мүддетте Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссияға усыныс киргизеди.

Усыныснама тек ғана усынылған жыл ушын әмел етеди.

Усыныснамалар Өзбекстан Республикасында жайласқан сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерине енгизилмейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги