Самарқанд қаласында «Имам Абу Мансур Матуридий ҳәм мотуридия тәлийматы: өтмиш ҳәм бүгин» атамасындағы халықаралық конференция жуўмақланды.

Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Илимлер академиясы және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың қатнасыўында Египеттиң Ал-Азҳар комплекси менен биргеликте шөлкемлестирилген усы халықаралық конференцияда жигирмаға шамалас мәмлекеттен илимпазлар, исламтаныўшы илимпазлар, абырайлы билимлендириў мәкемелериниң ҳәм илимий-изертлеў орайларының басшылары қатнасты.

Абырайлы әнжуманда Ал-Азҳар комплексиниң басшысы, Египет бас имамы Шайх Ахмет Таййиб та қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Еки күн даўам еткен халықаралық конференцияның тийкарғы ҳәм еки секция мәжилислеринде қырқтан аслам баянат тыңланды. Баянатларда Имам Абу Мансур Матрудий шахсы ҳәм фундаменталь көз-қараслары, матуридийликтиң идеологиялық тийкары, матрудия калам мектебине байланыслы жаңа дәреклер, усы тәлийматтың бүгинги күндеги әҳмийети ҳаққында пикирлер билдирилди.

Атап айтқанда, Малайзия ислам илимлери университетиниң профессоры Камолиддин Нуриддин Маржуний матуридия тәлийматының сунна қағыйдасын қорғаў, оның қарсыласларын бийкарлаўда үлкен пазыйлетлерди көрсетип атырғаны, оның пушайманлықтан алыслығы, турақлылығы, ислам идеяларын кеңпейиллик принципине тән түсиндириўи менен ҳәммеге өрнек болып киятырғанын атап өтти.

Түркия ислам илимлери академиясының басшысы Аҳмад Саид Иброҳим Абдурраҳмон Усмон Даманҳурийдиң айырым жаслар өзин шәрият билимданы  етип көрсеткен адамлардың ҳақыйқатты жалған менен араластырып үгит-нәсиятлаўы нәтийжесинде  аҳли сунна ўәл  жәмәәттен болған ашъарийлик ҳәм ҳәм мотуридийлик тәлийматларынан узақласып барып атырғаны, ақыбетте ибиратлы руўхый мийрастан үзилип қалып атырғаны ҳаққындағы пикирлери де қатнасыўшыларға унады.

Әнжуман жуўмағында қатнасыўшылар билдирген пикир-усыныслар тийкарында усыныслар ислеп шығылды.

Бул усынысларда Имам Матуридийдиң бай илимий мийрасы, ибратлы турмыс жолы менен байланыслы үйренилмеген тәреплерди изертлеў, улама шығармаларындағы адамгершилик, кеңпейиллик және адасқан топарларға қарсы гүресиў бағдарындағы баҳалы мағлыўматлардан нәтийжели пайдаланыў, бул бағдарда өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў мәселесине айрықша итибар берилген. Атап айтқанда, улама шығармаларының библиографиясын жаратыў, китапларды көбирек басып шығарыў, оларды алға қойылған идеялар менен қарасларды әпиўайы тилде жасларға үйретиў, арнаўлы сайт жаратып, Имам Матуридий илимий мийрасы ҳәм матуридия тәлийматы ҳаққында мағлыўмат берип барыў, китапхана шөлкемлестириў бойынша усыныслар билдириди.

Сондай-ақ, әнжуман қатнасыўшылары Ал-Азҳар университетиниң студентлери ҳәм изертлеўшилери арасында Имам Матуридий шығармалары ҳәм матуридия тәлийматы бойынша дәстүрий таңлаў өткериў және бул таңлаў жеңимпазларының Өзбекстанға илимий-дөретиўшилик сапарларын шөлкемлестириў басламасын билдирди.

Самарқандта үлкен көтериңкилик пенен өткен «Имам Абу Мансур Матуридий ҳәм матуридия тәлийматы: өтмиш ҳәм бүгин» атамасындағы халықаралық конференцияның қатнасыўшылары кеңпейил, миймандос өзбек халқына, әлемге тараған реформалар менен дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратып атырған, ардақлаўға ылайық болып атырған және халық мәплери жолында үлкен реформаларды әмелге асырып атырған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа айрықша миннетдаршылық билдирди.

Әнжуманның жуўмақлаўшы жалпы мәжилисинде Ал-Азҳар комплексиниң басшысы, Египет бас имамы Шайх Аҳмад Таййиб қатнасты.

Халықаралық конференция қатнасыўшылары Имам Мотуридий, Имам Бухарий естелик комплекслери, сондай-ақ, Самарқандтағы басқа муқаддес орынларды зыярат етти. Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Ҳәдис илими мектебиниң жумысы менен жақыннан танысты.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршылары