ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР БАЙРАМЫ АЛДЫНАН                   

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында бүгинги күни жигирмадан аслам ҳаял-қыз өзлерине жүклетилген хызмет ўазыйпаларын инабатлы атқарып келмекте.

«Ҳаял бир қолы менен бесикти тербетсе, бир қолы менен дүньяны тербетеди,»-дейди дана халқымыз. Бүгинги күни ҳаял-қызларымыз өмирлик жолдас, әдиўли ана болыў менен бир қатарда елимиздиң гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың абадан турмысы жолында түрли тараўларда, соның менен бирге, ҳуқық қорғаў уйымларында шегараларымыздың қол-қатылмаслығын тәмийинлеўде аянбай хызмет атқармақта.

Еки перзенттиң анасы, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана постының аға инспекторы, бажыхана хызметиниң майоры Лола Расулова да мине 16 жылдан бери мәмлекетимиздиң шегараларында хызмет етип келмекте. Ол елимиздиң экономикалық қәўипсизлиги, халқымыздың абадан турмыс кешириўи жолында өзиниң айрықша үлесин қосып киятырған үлгили әскерий ҳаял-қызларымыздан бири,-десек асыра айтқан болмаймыз. Бажыхана уйымларындағы хызмети даўамында Лола Анваровна бир қатар бажыхана постларындағы нызам бузыўшылықларының алдын алыў, соның ишинде, зергерлик буйымлары, наркотик затлардың жолаўшы ҳаял-қызлар тәрепинен алып келиў жынаятларын ашыўда айрықша үлеси бар.

Бүгинги күни мәмлекетимиздиң арқа дәрўазасы есапланған  «Даўыт ата» шегара бажыхана постында хызмет ўазыйпасын атқарып киятырған ол жас бажыханашылардың ҳүрметли устазы есапланады. Оларға бажыханашы кәсибиниң сырларын, хызмет нәтийжелилигин арттырыў жолындағы баҳалы мәсләҳәтлерин бериўден жалықпайды. Басқарма ҳаял-қызлары арасында өзиниң жанкүйерлиги ҳәм шөлкемлестириўшилик уқыбы менен ажыралып турады. Сонлықтанда оның жеке қурам арасында ҳүрмети жоқары.

–Жыллар даўамында топланған кәсиплик тәжирийбе өзиниң унамлы нәтийжесин берместен қалмайды,–дейди бажыхана хызметиниң майоры Лола Расулова. – Инсан сүйген кәсиби менен шуғылланса, жыллар өткен сайын маманлығы артып бара береди. Усының нәтийжесинде топланған тәжирийбе, устазлардың баҳалы көрсетпелери бажыханашыларды еле де қырағылыққа шақырып, хызмет ўазыйпасын инабатлы атқарыўда қол келеди.

Бүгинги күни ерлер менен бир сапта шегараларымыздың қол-қатылмаслығын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў жолында аянбай хызмет атқарып киятырған ҳаял-қызларды бәҳәр ҳәм гөззаллық байрамы менен қутлықлаймыз. Олардың шаңарақларына аманлық, машақатлы хызметкерин атқарыўда таўсылмас күш-жигер тилеймиз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

 Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.