Усы жыл 4-март күни Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев ҳәм тараў басшыларының ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен баспасөз конференциясы өткерилди.

Конференцияны Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баспасөз хаткери Ч.Елмуратов алып барды.

Конференцияда Д.Ходжиев халықтың денсаўлығын сақлаў, пуқаралар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға қысқаша тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасында 238 емлеў профилактикалық мәкемелери бар болып, соның 146 сы амбулатор, 38и стационар мәкемелер. 16 районлық ҳәм 1  қалалық медициналық бирлеспеси жумыс алып бармақта.

Республикамызда, жәми 255 жеке меншик медициналық мәкемелер болып, оның 95,5 проценти амбулатор, 4,5 проценти стационар шараятта 25 түрдеги қәнигеликлер бойынша халыққа медициналық хызмет көрсетип келмекте. Бүгинги күнде 4306 шыпакер жумыс ислеп атыр. Соның 2324и категорияға ийе, 1263и жоқары дәрежели шыпакерлер. Ҳәзирги ўақытта жоқары мағлыўматлы шыпакерлер ушын 6,1 процент (264,5 ставка) бос вакант жумыс орынлары бар.

2018-жылда республика бойынша дәри-дәрмақ ҳәм медициналық үскенелер ушын 41 миллиард сум ажыратылған болса, 2019-жылы 48,9 миллиард сум ажыратылып, өткен жылға салыстырғанда 1,2 есеге артты. 2020-жылы 52,2 миллиард сум ажыратылыўы режелестирилген.

Журналистлер ҳәм блогерлер тәрепинен берилген сораўлардың көпшилиги емлеўханаларда шыпакерлердиң жетиспеўшилиги, кадрлар мәселеси, аптекалар көбейгени менен дәри-дәрмақлардың қымбат екенлиги, дәри-дәрмақ бойынша берилип атырған рекламалардың унамсыз тәсирлери, усы тараўдың бизнеске айланып кеткенлиги, медициналық тексериўден өтиў, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў, айырым «тәўип» ҳәм «исбилермен»лердиң ҳәр қыйлы қолдан исленген «дәри»лерди сатып жүргени ҳәм оның ақыбетлери, емлеўханаларда шыпакерлер тәрепинен қосымша көплеген дәрилерди жазып бериўи, ҳәзирги ўақытта дүньяны тәшўишке салып атырған каронавирус кеселлиги, емлеўханалардағы төлемли хызмет сыяқлы мәселелер болды.

– Республикамызда шынында да шыпакерлер жетиспейди,-дейди министр Д.Ходжиев. – Алдынғы дәўирлерде айырым шыпакерлер айлық аз болғанлығы себепли қоңсылас республикаларға, әсиресе, Россия ҳәм Қазақстанға жумысқа өтип кеткен.

Сондай-ақ, жоқары оқыў орынларын тамамлаған қәнигелер жоллама менен белгиленген орынларға жиберилип, сол жерлерде жумыс ислейтуғын еди. Ал, ҳәзирги ўақытта районларға салыстырғанда шараятлары бираз жақсы болғанлығы ушын көпшилик қәнигелер Нөкис қаласындағы емлеўханаларда ислегенди жақсы көреди. Бул да районларда кадрлар жетиспеўшилигине себепши болмақта. Бирақ ҳәзирги ўақытта кадрлар жетиспеўшилигин сапластырыў мақсетинде өзимиздеги медициналық институтта режели түрде жумыслар алып барылмақта. Шыпакерлердиң билимлерин жетилистириў де жолға қойылған болып, жақын аралықта бул мәселе өз шешимин табады.

Конференцияда медицина тараўы басшыларына онлайн форматта да тиккелей жүзден аслам сораўлар берилди.

Конференция қатнасыўшылары тараў қәнигелери тәрепинен берилген жуўапларға өз мүнәсибетин билдирип, пикир-усынысларын билдирди.

 

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.