Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министриниң тәрбиялық ҳәм идеологиялық жумыслар бойынша орынбасары, полковник Ҳамдам Қаршиев Арқа-Батыс әскерий округи ҳәм тийисли жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары менен биргеликте екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Назарбай ата Тәжибаевтың шаңарағында болып, ҳал-жағдайынан хабар алды.

Қорғаныў министрлиги ҳәм округ әскерлериниң атынан оны 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы менен қызғын қутлықлап, баҳалы саўғаларын тапсырды.

Арқа-Батыс әскерий округи әскерлериниң сәркардасы, полковник Д.Чориев, Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы, сенатор Ш.Уснатдинов ҳәм басқалар сәўбетлесиў даўамында биргеликте бул инсанның саўаштағы ерликлери, оннан кейинги дәўирдеги ерлик мийнетлерин еслеп өтти.

Назарбай атадан алдын урысқа оның үлкен ағасы Сапарнияз ата да кетип, Сталинградтағы қырғын саўашларда қатнасады. Кейин ол Ленинград қорғаныўындағы саўашларда аўыр жарақатланып, 1944-жылы үйине қайтарылады.

Назарбай атаның әкеси Исмаил Тәжибаев та урыста болған. Бирақ уллы жеңис күнин көре алмай, 1944-жылы үйине қайтып киятырғанында Арал теңизи арқалы киятырған кемеде қайтыс болған.

Назарбай ата болса, 1942-жыл 22-июнь күни фронтқа кеткен. Ол Ржев қаласы жанындағы саўашларда қатнасқан. Бир неше рет жарақат алған.

Урыстан қайтып, 1951-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының рус тили ҳәм әдебияты факультетинде оқйды. 1956-жылдан 1992-жылға шекем «Қарақалпақстан» ҳәм «Билим» баспаларында жумыс ислейди. өмирлик жолдасы Базар апа Сайымбетова менен 10 перзент тәрбиялап, кәмалға келтиреди.

Ол 40 жыллық жумыс дәўиринде 250 ден аслам китапларды аўдарма ислеп, редакторлаған. Урыс дәўириндеги әскерий хызметлери туўралы еске түсириўлери көплеген баспаларда басып шығарылған.

Мийманлар менен сәўбетте ата қолын дуўаға ашып, ҳеш қашан урыс көрмеңлер, урыс болмасын, деп тилек билдирди.

Назарбай ата Тәжибаев жасап атырған мәҳәлледе Нөкис гарнизонындағы руўхый-ағартыўшылық орайы әскерий оркестри тәрепинен урыс дәўириндеги қосықлар атқарылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.