USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

МЕКТЕП БИЛИМЛЕНДИРИЎИНДЕГИ КЕМШИЛИКЛЕР ҮЙРЕНИЛДИ, ТИЙКАРҒЫ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-март күни халық билимлендириў системасындағы тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы президентлик жумысының дәслепки күнлеринде-ақ елимизде кадрлар машқаласы бар екенлиги, барлық тараўларға реформалардың тезлигине сай замаманагөй  қәнигелердиң зәрүрлиги ҳаққында айтқан еди.

Сол мақсетте пүткил билимлендириў системасы түп-тийкарынан жетилистирилмекте. Мектепке шекемги билимлендириўдиң раўажланып атырғаны мектеп сабақларына пуқта тийкар болмақта. Улыўма орта билимлендириўдиң сапасы алдыңғы халықаралық тәжирийбелер ҳәм заман талаплары тийкарында жоқарыланбақта.

Кейинги үш жылда елимизде 160 дан аслам улыўма билим бериў мектеби қурылды. Оннан тысқары, Президент мектеплери, уллы илимпазларымыздың аты менен аталатуғын қәнигелестирилген мектеплер, дөретиўшилик мектеплери, Темурбеклер мектеплери сыяқлы заманагөй ҳәм инновациялық билимлендириў орынлары шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, соңғы  3 жылда оқытыўшылардың мийнет ҳақысы орташа 2,5 есеге арттырылды. Алыс аймақларға барып ислейтуғын педагоглардың мийнетин қосымша хошаметлеў енгизилди.

2019-жыл 26-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Заманагөй мектеп»лерди қурыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳүжжетке муўапық, 2021-жылға шекем мектеплердиң кеминде  3 процентин, 2025-жылға шекем 20 процентин, 2030-жылға шекем 50 процентин «Заманагөй мектеп»лерге айландырыўдың тийкарғы параметрлери белгиленди.

Олардың барлығы орта ҳәм узақ мүддетке мөлшерленген кең қамтылған реформалардың биринши басқышы еди.

Президентимиз усы жылдың январь айында Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында мектеп оқыў қолланбаларын алдыңғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында жетилистириў, оқыў жүклемелерин ҳәм сабақлықларды қайта көрип шығыў, оларды халықаралық стандартларға бейимлестириў, сабақлықлар менен әдебиятлардың сапасын арттырыў зәрүрлигин атап өтти. Мектеплердиң материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаў, оқыў-тәрбия процесинде заманагөй педагогикалық технологияларды қолланыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди.

Мәжилисте жаңа түрдеги мектеплерди қурыў, бурынғыларын басқышпа-басқыш заман талапларына бейимлестириў, муғаллимлердиң қәнигелигин арттырыў мәселелери додаланды.

Ҳәзирги күнде 9 мың 942 мектептиң 2 мың 835и оңлаўды талап ететуғын жағдайда. 5 мың 861 инде оқыўшылар саны сыйымына салыстырғанда көп екенлиги себепли сабақлар  2 сменада өтилмекте. Усы жылы 36 жаңа мектеп қурылып, 211 иниң капитал оңланыўы белгиленген.

Қурылыс министрлигине мектеплерди заманагөй архитектура шешимлери тийкарында, энергия үнемлейтуғын ҳәм алдынғы технологиялар қолланған ҳалда қурыў ўазыйпасы тапсырылды.

Ҳәммемизге белгили, лабораториядағы әмелий шынығыўлар билимлендириўдиң сапасын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Шынығыўда алынған билимниң нәтийжеси бир неше есе жоқары болады. Бирақ бүгин мектеплердеги 683 физика, 897 химия, 901 биология ханасында оқыў лабораториялары жоқ. 7 мың 807 физика, 7 мың 776 химия ҳәм 7 мың 770 биология ханасының үскенелери ескирген. 62 мың класс ханасы заманагөй ҳәм жаңа оқыў қураллары менен тәмийинленбеген, 7 мың компьютер жетиспейди. Соның ушын мектеплердеги лабораторияларда заманагөй үскенелеў ҳәм олардағы сабақлардың көлемин арттырыў талап етиледи.

Халық билимлендириў ҳәм Қаржы министрликлерине әмелдеги үскенелеў жағдайын сын көзқарастан үйренип, мектеплерди заманагөй лаборатория, компьютер техникасы, спорт қураллары ҳәм басқа да зәрүр буйымлар менен үскенелеў бойынша тапсырма берилди. Анық пәнлерди оқытыўда әмелий көнликпелерди қәлиплестириў және интерактив шынығыўларға итибарды күшейтиў атап өтилди.

Елимизде математика, химия, физика ҳәм биология сабақларының 10 проценти ғана әмелий шынығыўларға ажыратылған. Раўажланған мәмлекетлерде бул көрсеткиш 30-50 процентти қурайды. Сонлықтан, Халық билимлендириў министрлиги, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине оқыў қолланбаларында санлы технологиялардан кеңнен пайдаланыў, анық пәнлерге әмелий шынығыўлар көлемин арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте педагог кадрлардың билимин ҳәм қәнигелигин арттырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.

Өткен жылы аттестацияда қатнасқан дерлик 57 мың оқытыўшыдан 43 проценти төмен баҳа алғаны, елимиз боынша муғаллимлердиң аттестация нәтийжелериндеги орташа көрсеткиши 100 баллық баҳалаў системасында 64 баллды қурағаны айтып өтилди.   

Педагоглардың қәнигелигин арттырыў системасын жетилистириў, методикалық тәмийнатты жаңадан пайда етиў бойынша көрсетпелер берилди.

Балаларды жаслығынан руўхый ҳәм физикалық жетик шахс етип тәрбиялаў мақсетинде мектеплерди көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў, әсиресе, басланғыш классларда қосық, сүўретлеў өнери ҳәм денетәрбия шынығыўларына жаңа мазмун бериў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

 

ӨзА