Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 2-март күни елимизде әмелий сапар менен болып турған Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиясий бюросының ағзасы, Сыртқы ислер бойынша комиссия аппаратының басшысы Ян Цзечи басышылығындағы делегацияны қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде Өзбекстан менен Қытайды дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларының тығыз байланыстырып турғанын атап өтти.

Еллеримиз жетекшилериниң турақлы ушырасыўлары еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа дәрежеге көтериў, оны анық мазмун менен байытыў имканиятын берди.

Биргеликтеги ис-ҳәрекетлер себепли өз-ара товар алмасыў көлеми избе-из артпақта. Қытайдың алдыңғы компаниялары ҳәм финанслық институтларының қатнасыўында Өзбекстанда ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте.

Жоқары мәртебели мийман Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң Өзбекстан Президенти атына жоллаған жеке хатын тапсырды. Бул хатта кейинги жыллары еки тәреплеме бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилген және жаңа түрдеги коронавирус тарқалыўына қарсы гүресте көрсетилип атырған жәрдем ушын миннетдаршылық билдирилген.

Ушырасыўда көп қырлы Өзбекстан – Қытай шериклигиниң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Елимизде энергетика, нефть-газ, химия, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм экономиканың басқа тармақларында және инфраструктураны модернизациялаў бойынша тийкарғы жойбарларды биргеликте ислеп шығыўды ҳәм әмелге асырыўды даўам еттириў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ШБШ ҳәм басқа да структуралар шеңбериндеги конструктивлик пикир алысыўды беккемлеў, сондай-ақ, «Бир мәкан, бир жол» басламасын алға қойыў шеңбериндеги бирге ислесиў бойынша пикир алысылды.

 

ӨзА