ХАЛЫҚ ҚАБЫЛЛАЎХАНАЛАРЫНДА                                                    

Нөкис қаласы  «Қаттағар»  мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Узақбай Шамуратовтың Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасына мүрәжаты унамлы шешимин тапты.

Бул пуқараның баласы Жалғасбай Шамуратов өткен жылы АҚШтың Вебстер университетиниң магистратурасына оқыўға қабыл етиледи. Август айында акционерлик-коммерциялық «Қишлоқ қурилиш банк»тиң Қарақалпақстан регионаллық филиалы менен жылына 16 процент муғдарында 38 миллион сум тәлим кредити бойынша кредит шәртнамасы дүзиледи. Усыған тийкар банк биринши ярым жыллық ушын  19 миллион сум кредит қаржысын өткерип береди. Бирақ, екинши ярым жыллық ушын өткерилиўи тийис болған 19 миллион сумды кредит линиясы ашылмады, ресурс жоқ ҳәм басқада себеплер менен усы күнге шекем созып келген.

Жыл басынан қатнап қыйналып кеткен ол ақыр соңында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасына мүрәжат етеди. Қабыллаўхана хызметкерлери тәрепинен бул мүрәжат ҳәр тәреплеме үйренип шығылып, 19 миллион сум кредит қаржысы өткерилип берилди. Солай етип, пуқараның машқалаласы унамлы шешим тапты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.