Ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы алдынан орынларда ҳәр қыйлы мәдений-ағартыўшылық илажлар өткерилмекте.

Арқа-Батыс әскерий округи әскерлериниң сәркардасы полковник Д.Чориев, Нөкис әскерий прокуратурасының ўәкиллери ҳәм бир қатар әскерий хызметкерлер менен биргеликте Нөкис қаласында жасап атырған, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Тилеўбай Өтепбергеновтың шаңарағында болды. Оның ҳал-жағдайынан хабар алып, оған байрам саўғаларын тапсырды. Қысы-жазы ислейтуғын кондиционер комплектин саўға етти.

Тилеўбай ата келген мийманларға миннетдаршылығын билдирип, урыс дәўириндеги мәўритлерин еске алды.

Әскерий хызметкерлер оның имараты жанындағы атызға мийўе нәллерин екти.

Илажда Нөкис гарнизонындағы руўхый-ағартыўшылық орайы әскерий оркестри тәрепинен урыс дәўириндеги қосықлар атқарылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.