Бурын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-октябрь күнги ПҚ-3981-санлы қарары ҳәм усы жыл 9-июль күнги 5761-санлы пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының бир-неше қалаларында, соның ишинде, өткен жылдың 12-августынан баслап Нөкис қаласында пуқаралардың турақ жайларындағы электр есаплағышларды жаңа түрине алмастырыў жумыслары даўам етпекте.

Барлық тутыныўшылар басқышпа-басқыш электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасына (АСКУЭ) жалғанатуғын заманагөй электрон электр есаплағышларға өтеди.

– Усы күнге шекем Нөкис қаласында бул системаға 56884 тутыныўшы жалғанды. 2020-жылдың ақырына шекем тутыныўшыларды усы системаға толық түрде жалғаў режелестирилген,-дейди «Қарақалпақ АЭТК» АЖ Электр энергиясын есаплаў үскенелеринен пайдаланыў бөлиминиң баслығы Алибек Серикбаев.

Жаңадан орнатылған электр есаплағышлар тутыныўшыларды пайдаланған электр энергиясынан қарыздар болған жағдайда автомат тәризде электр тармағынан ажыратады. Бул электр есаплағышлардың  абзаллығы сонда, олар саат 20-00 кейин, ҳәптениң дем алыс күнлери (шемби, екшемби) ҳәм байрам сәнелеринде қарыздарлық бойынша электр тармағынан ажыратылмайды. Төлем төлеўди үйде отырып On-line режиминде CLICK, Payme ҳәмде PAYNET шақапшалары арқалы әмелге асырыўыңыз мүмкин.

Қарыздарлық ҳаққындағы мағлыўматты анықлаў ушын бириктирилген уялы телефон номериңиз арқалы 2100 қысқа номерине D ҳәрибин СМС арқалы жиберип есабыңыз ҳаққында барлық мағлыўматларға ийе боласыз.

Қарыздарлық себепли электр тармағынан ажыратылған жағдайда тутыныўшы қарыздарлық төленгеннен соң узағы менен 30 минуттың ишинде жәрийма төлеместен электр тармағына қайта жалғанады. Усы ўақыт даўамында тармаққа жалғанбаса, Нөкис қалалық электр тәмийинлеўши кәрханасының 61 780-07-98 АСКУЭ бойынша нәўбетши телефонына мүрәжат етсеңиз болады.

Ҳүрметли тутыныўшылар «CLICK»  программасы арқалы электр энергиясы ушын төлем төлеў тәртиби төмендегише әмелге асырылады.

*880# (звонок)

1. Туловлар

5. Коммунал

2. Электр энергияси

1. Тулов

14. Қорақалпоғистон

12. Кейингиси

15. Нукус Гор ЭСП

35401 (есап бетиңиз)

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.