ТРЕНИНГ

Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында  «Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты арттырыў және бирге ислесиўди раўажландырыў» жойбары шеңберинде тренинг болып өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Европа аўқамының Орайлық Азиядағы регионаллық Экология орайы ҳәм оның Өзбекстандағы филиалы, «Сувчи» жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен  Европа аўқамының «Өзбекстанның аўыллық жерлеринде суў ресурсларын турақлы басқарыў» бағдарламасы шеңберинде елимизде суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, суў там-тарыслығының алдын алыў бойынша бир қатар жойбарлар әмелге асырылып келинбекте. Соңғы жылларда  фермер хожалықларына ҳәм халқымызға кеңнен үгит-нәсиятланып киятырған келте қарықлар, тамшылатып, жаўын жаўдырып, гидрогель гранулардан пайдаланған ҳалда топырақтың астынан, қарықларға плёнка төсеп және  көшпели ийилиўшең пластикалық трубалар жәрдеминде суўғарыў мине, усындай усыллардан есапланады. Суўды үнемлеўде жерлерди лазер үскенелери жәрдеминде  тегислеў айрықша әҳмийетке ийе. Қәнигелер бул усыллардың әҳмийети ҳәм оннан пайдаланыў жоллары бойынша мағлыўматлар берди.

Буннан тысқары, тамшылатып суўғарыўдың дүнья еллери ҳәм республикамыздың ўәлаятлары бойынша бөлистирилиўи, суўды үнемлеўши технологияларды енгизгенде мәмлекет тәрепинен берилетуғын жеңилликлер туўралы сөз етилди. Елимизде суўды үнемлеўши технологияларды 2025-жылға шекем 1 миллион гектарға шекем енгизиў режелестирилмекте. Тамшылатып суўғарыў усылынан нәтийжели пайдаланып киятырған фермерлердиң қатары көбейип бармақта.  Тренинг қатнасыўшыларына усындай фермерлер турмысынан түсирилген видеокөринислер көрсетилди.

«Регионымызда, соның менен бирге, елимизде суў ресурслары ҳәм суў хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған реформалар» темасындағы презентацияда инсан өмиринде суўдың әҳмийети, жер шарындағы суў, соннан музлықлар, жер асты суўлары, көллер, дәрьялар ҳәм сайлардағы суўдың муғдары ҳаққында мағлыўматлар берилди. Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жойбарлар туўралы сөз етилди.

«Арал апатшылығы ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыў» темасындағы презентацияда Президентимиз тәрепинен теңиздиң қурыған ултанын тоғайзарлыққа айландырыў бойынша басламасы алға қойылды. Ҳақыйқатында, Арал машқаласы бүгин ҳәм жергиликли, ҳәм регионаллық, ҳәм улыўмаинсаныйлық машқалаға айланбақта. Халықаралық экспертлердиң пикиринше, теңиздиң түбинен көтерилген шаң-тозаң ҳәм дузлар музлықларға, тоғайзарлықларға ҳәм жер шарының басқа да түпкирлерине барып жетпекте. Әне усындай машқаланың ең тийкарғылары климаттың өзгериўи, душшы суў, пестицидлерден пайдаланыў мәселеси болып табылады.

Тренингте «Сувчи» жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен таярланған «Суў ресурсларынан пайдаланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәденияты» атамасындағы қолланбаның презентациясы болды.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.