Хабар етилгениндей, «20172021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманының жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды, деп жазады xabar.uz сайты.

Жойбарда Жол ҳәрекетиниң барлық қатнасыўшыларының ҳуқықый мәдениятын ҳәм маманлығын арттырыў бойынша Министрлер Кабинетиниң қарары жойбары ислеп шығылатуғыны белгиленген.

Жойбарда:

  •     улыўма орта билим бериў мәкемелери оқыў бағдарламасына мәжбүрий тәртипте жол ҳәрекетлери қағыйдалары бойынша сабақларды киргизиў ҳәм әмелий сабақлар өтиў (10-11-класста);
  •      улыўма орта билим бериў мәкемелеринде жол ҳәрекетлери қағыйдалары бойынша имтихан өткериў ҳәм нәтийжелери бойынша сертификат бериў;
  •      улыўма орта билим бериў мәкемелерин тамамлаған ҳәм имтиханнан өткен шахсларға айдаўшылық гүўалығын бериў тәртибин енгизиў нәзерде тутылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги