Өзбекстан Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм Миллий олимпиада комитетиниң шөлкемлестириўинде 2019-жылдың жуўмақларына бағышлап өткерилген «Миллий спорт сыйлығы – 2019» сыйлықлаў мәресиминде Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары шеберлик мектебиниң тәрбияланыўшысы Зайнаб Дайибекова «Ең жақсы жас ҳәм перспективалы спортшы» номинациясының жеңимпазы болды.

– Қылышласыў ең жас спорт түрлеринен болса да, қарақалпақстанлы спортшылар мәмлекетимизде жетекшилерден есапланады, – дейди Нөкис қәнигелестирилген Олимпиада резервлери мектеп-интернатының тренери Руслан Султанов. – 2014-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы академиялық лицейде биринши дөгерек шөлкемлестирилди. Дәслепки жылларда бул спорт түрин жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларды инвентарьлар менен тәмийинлеў, спорт жарысларында қатнасыў бойынша бир қатар қыйыншылықлар болды.

 

 

Кейинги жылларда мәмлекетимиздиң басқа да аймақлары қатары Аралбойында да заманагөй спорт комплекслери қурылмақта. Нөкис қәнигелестирилген Олимпиада резервлери мектеп-интернаты, Нөкис қаласында жаңадан қурылған Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген жоқары спорт шеберлиги мектебинде жаслар спорттың бир қанша түрлери, соның ишинде, 200 ден аслам ул-қыз қылышласыўдың сабля ҳәм шпага бағдарларында шуғылланбақта.

Президентимиздиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына еткен сапары ўақтында бул комплексте шуғылланып атырған жас спортшылар менен сөйлесиўи олардың спортқа болған қызығыўшылығын және де арттырды. Мәмлекетимиз басшысының атынан аўыр атлетика бойынша абырайлы турнирлердиң жеңимпазы Рустам Жангабаевқа турақ жай, дзюдошы Элёр Машариповқа «Malibu» автомобили, қылышласыў бойынша халықаралық турнирлердиң жеңимпазы  Зайнаб Дайибековаға «Nexia» машинасы, басқа жас спортшыларға естелик саўғалары тапсырылды.

 

 

Бүгинги күнде Айсулыў Уснатдинова, Зайнаб Дайибекова, Толқынай Бекбаўлиева, Гүлбану Есемуратова, Гүлистан Пердебаева сыяқлы қызлар, Шерзод Мамутов, Пазылбек Генжебаев, Алланияз Есжанов,  Муса Айтмуратов, Әзизбек Даўлетназаров сыяқлы жас өспиримлер Өзбекстан сайланды командасының ағзасы есапланады.

2018-жылдың февраль айында Бирлескен Араб Әмирликлериниң пайтахты Дубай қаласында болып өткен Азия чемпионатында мәмлекетимиз сайланды командасының қурамында Зайнаб Дайибекова үшинши, Шерзод Мамутов, Пазылбек Генжебаев екинши орынды ийеледи. Жарыста сыйлы орынды ийелеп қайтқаны ушын сайланды команданың ағзалары, соның ишинде, Зайнаб Дайибекова, Шерзод Мамутов, Пазылбек Генжебаев, тренер Дәўирбек Жиемуратовлар Президентимиздиң саўғасы – «Spark» автомобили менен сыйлықланды.

 

 

Өткен жылдың февраль айында Иордания пайтахты Оман қаласында болып өткен Азия чемпионатында мәмлекетимиздиң қызлар сайланды командасы қурамында Зайнаб Дайибекова, Айсулу Уснатдинова үшинши, жас өспиримлер сайланды командасының қурамында Шерзод Мамутов, Пазылбек Генжебаев екинши, үшинши орынды ийелеп қайтты.

Ташкент қаласында болып өткен қылышласыў бойынша Орайлық Азия конфедерациясының ашық турниринде сабля бағдарында қызлар арасында Зайнаб Дайибекова биринши, Айсулу Уснатдинова үшинши, кадетлер арасында Шерзод Мамутов биринши, Пазылбек Генжебаев екинши, жас өспиримлер арасында Пазылбек Генжебаев биринши, Шерзод Мамутов екинши орынды ийеледи. Қылышласыў бойынша жас өспирим қызлар арасында Ташкент қаласында өткерилген жәҳән кубогиниң жеке беллесиўинде Зайнаб Дайибекова финалда түркиялы Нисонур Эрбил үстинен 15:12 есабында жеңиске ерисип, алтын медалды қолға киргизди.

 

 

2019-жылдың июль айында Венгрияның Будапешт қаласында қылышласыў бойынша жәҳән чемпионаты таңлап алыў беллесиўлеринде қарақалпақстанлы үш спортшы қатнасты.

– Өткен дәўир даўамында 6 мәрте Өзбекстан чемпионы, Азия чемпионатының жеңимпазы болдым, – дейди Нөкис қаласындағы 47-улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы, спорт шебери Пазылбек Генжебаев. – Бүгинги күнде сайланды команданың қурамында усы жылдың февраль айында Индонезияда болып өтетуғын Азия чемпионатына, март айында Америка Қурама Штатларында болып өтетуғын жәҳән чемпионатына таярлық көрип атырмыз. Ҳәр күни еки мәрте шыңығыў өткерип атырмыз.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.