Қарақалпақстан Республикасы “Сайлаў ҳаққында” ғы Нызамының  14, 59, 67, 78 статьяларына муўапық Қарақалпақстан Республикасы  Орайлық сайлаў комиссиясы                                   

             Қ А Р А Р    Е Т Е Д И :

 2020-жыл 5-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине қайта даўыс бериўдиң нәтийжелери ҳаққындағы округлик сайлаў комиссияларынан алынған протоколлар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайланған төмендеги депутатлар дизимге алынсын:

 

Депутаттың фамилиясы, исми,

әкесиниң исми

Туўылған жылы, партияға қатнасы, ийелеп турған лаўазымы, (жумысының түри), жумыс орны, сайлаў округиниң тәртип саны ҳәм атамасы

1

2

Шымбай районы

Ибрагимов Бахытжан Жарылқапович

1962-жылы туўылған, ӨзХДП ағзасы, “Нөкис темир бетон буйымлары заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети бақлаў кеңеси баслығы. Шымбай районы, 58-санлы «Қамысарық» сайлаў округи.

Қараөзек районы

Серказиев Оразбай Ходжибаевич

1962-жылы туўылған, ӨзМТДП ағзасы, Қараөзек районы “Қойбақ” аўыл пуқаралар жыйыны баслығы, Қараөзек районы, 62-санлы «Қараөзек» сайлаў округи.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Орайлық сайлаў комиссиясының

баслығы                                                                                                Е.Джуманазаров

 Нөкис қаласы,

2020-жыл 6-январь