Нотариат системасының жетилистирилгенлиги мүнәсибети менен Ҳүкиметтиң бир қатар қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Оған бола, транспорт қуралы ийесиниң қамсызландырыў полисинде көрсетилген жақын туўысқанлар (ата-ана, күйеўи (ҳаялы), балалар, аға-инилер, апа-қарындаслар) транспорт қуралын нотариаллық тастыйықланған исеним хатсыз басқарыўға рухсат берилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Онда транспорт қуралы ийесиниң талабы менен қамсызландырыў компаниялары тәрепинен қамсызландырыў полисинде туўысқанлық дәрежеси көрсетиледи.

Сондай-ақ, қарар менен қамсызландырыў полиси бланкасының жаңаланған түри тастыйықланды.

Қарар менен Жол картасының қағыйдаларына киргизилген өзгерислерге бола, МЖҲҚХ (Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлик хызмети) уйымлары тәрепинен қамсызландырыў полисинде көрсетилген жақын туўысқанлардан транспорт қуралын басқарыў ҳаққында исеним хаты ҳәм туўысқанлықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлер талап етилмейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги