«Өзбекстан темир жоллары» компаниясы 29-октябрьден «Мискин-Нөкис-Бейнеў (Қазақстан)» жөнелиси бойынша ҳәр күни жолаўшы рейсин иске түсирди, деп жазады gazeta.uz сайты.

Поезд Төрткүл, Елликқала, Беруний, Бадай, Қараөзек, Қайбақлы ҳәм Назархан бәндиргилеринде тоқтап өтеди.

«Газета.uz»дың Нөкис вокзалының мағлыўматханасынан анықлық киргизиўинше, поезд Мискиннен 00:07де жолға шығады ҳәм Нөкиске 3:32 де жетип барады, ол жерден 4:12 де шығып, Бейнеўге 18:20 да жетип барады.

 

Рахат Қуўанышбеков,

ҚМУ Журналистика тәлим бағдары студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги