Бундай жуўмаққа АҚШтың Бингемтон университетиниң изертлеўшилер топары келди. Олар өткерилген изертлеўлер нәтийжесинде тис пастасы инсан организмине қандай унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин екенлигин анықлады, деп мәлим етпекте aniq.uz  сайты.

Белгили болғанындай, тис пастасында титан диоксиди болып, ол адамда рак кеселлигин пайда етиўи мүмкин. Пастаның ыдысында ол Е-171 аты менен көрсетиледи.

Сондай-ақ, бул элемент саққызда да бар. Инсан организмине түскен титан диоксиди ишеклердиң толық ислеўине имканият бермейди. Бул элемент ишекке иммунитет ушын пайдалы болған элементлерди өзлестириўге кесент етеди.

Тис пасталары ҳәм саққызларға титан диоксиди рең бериўши сыпатында қосылады. Ол инсан иммунитетин күшсизлендиреди. Соның менен бирге, бул элементтиң турақлы тәсири ишектиң сыртқы қәўиплерге шыдамлылығын пәсейтиў ҳәм оның исиниўине алып келиўи мүмкин.

Илимпазлар тис пастасы ямаса саққыздың қурамына нелер киретуғының дыққат пенен оқыўды усыныс етпекте. Қәнигелердиң сөзлерине бола, титан диоксиди қәўипсиз элемент, бирақ оның қәсийетлери толығы менен үйренип шығылмаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги