Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 15-февральдағы «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасын буннан былай да комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Қарарының 6-бәнтине тийкарланып, 2019-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен физикалық шахслардан жыйналып барылатуғын пенсия дәптершелери, салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша қарзы бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўматнамалар, салық төлеминиң есапқа алынғанлығы ҳаққында гүўалықлар, төленген дәраматлар ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының услап қалынған суммалары ҳаққында мағлыўматлар талап етиў қадаған етилген. Бул ҳүжжетлерди мәмлекетлик салық хызмет уйымлары, АКБ «Халқ банки»,  Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорынан электрон өз-ара бирге ислесиў арқалы тек ғана уйымлараралық интеграцияласыў платформасына мәлимлеме алыў ушын жалғаныў жолы менен еркин түрде сорап алыўы белгиленди. Бул ҳаққында Өзбекстан Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары Пенсия қорының рәсмий сайты хабар бермекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 17-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың орайлық мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў ҳәм «электрон ҳүкимет» системасы пайдаланыўшыларын идентификациялаўдың бирден-бир мәлимлеме системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы 365-санлы қарарынан келип шыққан ҳалда Пенсия қорының «Пенсия» бағдарламасы «Электрон ҳүкимет» системасы менен байланысты.

Жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда, пуқараларға пенсия (напақа) тайынлаўда СТИР талап етиў бийкарланды.

ӨзА