Республика жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына оқыўға кириў ушын өткерилген тест сынақларының биринши күни (29-июль)нде қатнасқан абитуриентлердиң нәтийжелери (топлаған баллары):

Тест сынақлары шахсты идентификациялаў қураллары, видеофиксация және турақлы видеобақлаў қурылмалары менен үскенеленген 66 үлкен сыйымдағы имаратта тест сынақлары еки сменада «Математика», «Физика» ҳәм «Ана тили ҳәм әдебияты» пәнлери бойынша өткерилди.

Тест сынақларында еки сменада жәми 71 мың 340 абитуриенттиң қатнасыўы белгиленген еди. Соннан, 68 мың 763 абитуриент тест сынақларында қатнасты.

Тест сынақларына 2 538 абитуриент келмеди.

Тест сынақларының тәртип-қағыйдаларын бузғанлығы себепли 53 абитуриент тест сынақларынан шетлетилди.

Тест сынақларында 2 576 топар бақлаўшылары қатнасты.

Бакалавриат тәлим бағдары бойынша ең жоқары балл:

а) күндизги тәлим түри бойынша:

Өзбекстан миллий университетиниң 5130100 – Математика тәлим бағдары – 172,6 балл;

б) сыртқы тәлим түри бойынша:

Әндижан мәмлекетлик университетиниң 5110700-информатика оқытыў методикасы тәлим бағдары – 142,1 балл;

в) кешки тәлим түри бойынша:

Самарқанд мәмлекетлик университетиниң 5130100 – Математика тәлим бағдары бойынша – 127,2 балл

ӨзА