Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-май күни Россияның атом энергиясы бойынша «Росатом» мәмлекетлик корпорациясының бас директоры Алексей Лихачёвты қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстан менен Россия арасындағы атом энергиясынан тыныш мақсетлерде пайдаланыў тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде алдынғы технология ҳәм илимниң жетискенликлерин тартқан ҳалда мәмлекетимизде биринши атом электр станциясын қурыў жойбарын таярлаў ҳәм әмелге асырыў бойынша жақыннан бирге ислеспекте.

Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги жанындағы «Өзатом» агентлиги дүзилген ҳәм жумыс алып бармақта. Елимизде атом энергетикасын раўажландырыў бойынша он жылға мөлшерленген концепция қабыл етилген.

Келешекте АЭС ушын майдан таңлаў бойынша инженерлик изертлеўлердиң биринши басқышы жуўмақланды. Халықаралық талапларға муўапық, жойбардың қоршаған орталыққа тәсири баҳаланбақта ҳәм техникалық ҳүжжетлер таярланбақта.

Халықты атом энергетикасы ҳәм ядролық технологиялардың раўажланыўы ҳаққында кеңнен хабардар етиў  мақсетинде «Өзатом» агентлигиниң имаратында Атом технологиялары мәлимлеме орайы ашылды.

Буннан тысқары, жаңа оқыў жылынан Ташкентте «МИФИ» миллий изертлеў ядро университетиниң филиалы өз жумысын баслайды.

Ушырасыўда мәмлекетимизде қабыл етилген «жол картасы» тийкарында АЭС қурылыс жойбарын сапалы таярлаў ҳәм әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириў мәселелери көрип шығылды. Жаңа тармақты раўажландырыў ушын жоқары қәнигели кадрларды таярлаўға айрықша итибар қаратылды.

«Росатом» мәмлекетлик корпорациясының бас директоры Алексей Лихачёв шын жүректен қабыл еткени ушын мәмлекетимиз басшысына терең миннетдаршылық билдирди. Атом энергиясынан тыныш мақсетлерде пайдаланыў тараўында ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм кең көлемде әмелге асырыў бойынша умтылыслардың исенимли екени атап өтилди.

 

ӨзА