Өзбекстан Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўы, алдын берилген ўазыйпалардың орынланыўы менен танысыў, жаңа перспективалы жойбарларды белгилеў мақсетинде 12-март күни Наўайы ўәлаятына жөнеп кетти.

 Мәмлекетимиз басшысы барлық аймақлар сыяқлы Наўайы ўәлаятына да бир неше рет барып, экономика тармақларын кеңейтиў, халықтың абаданлығын арттырыўға турақлы итибар қаратып келмекте. 2017 ҳәм 2018-жыллардағы сапарлар ўақтында белгиленген илажлар нәтийжесинде ўәлаятта жүдә көп жумыслар әмелге асырылды.

Бул рет Нурата ҳәм Кармана районлары, Наўайы қаласындағы жаңа кәрханалар, социаллық объектлер, энергетика, химия ҳәм балықшылық комплекслери менен танысыў режелестирилген.

d73e4694-e42b-219e-a06c-21dd56545316.jpg

ӨзА