Усы жыл 6-март күни Нөкис қаласындағы «Кәрўан сарай» ресторанында 8-март-Ҳаял қызлар байрамынан бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, жыйналғанларды 8-март-Ҳаял қызлар байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң меҳрибан аналарымызға, гөззал ҳаял-қызларымызға қарата «Сизлер менен өмиримиз гөззал ҳәм мазмунлы, шаңарақларымыз абат ҳәм абадан»,-деген сөзлери қаншелли ҳақыйқат екенлигин бәршемиз терең аңлаймыз.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, аналықты ҳәм балалықты қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Шаңарақлық қәдриятлар ҳәм дәстүрлер бағдарында фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди алып барыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилди. Жоқарыдағы Пәрман менен  Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының шөлкемлестирилиўи аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға ҳәм шаңарақларға, майыплығы болған ҳаял-қызларға материаллық жәрдем көрсетиў, ҳаял-қызлардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Бүгинги күни ҳаял-қызларымыздан үшеўи Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, төртеўи Нызамшылық палатасының депутаты,  он екиси Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, сондай-ақ, сексен беси жергиликли Кеңеслердиң депутаты болып табылады. Мектепке шекемги билимлендириў тараўында 11 мыңнан, халық билимлендириў тараўында 25 мыңнан, мәденият ҳәм спорт тараўларында 1,5 мыңнан аслам, илим тараўында 168 ҳаял-қыз мийнет етип атырған болса, 7 мыңнан асламы исбилерменлик пенен шуғылланбақта.

Өткен жыллар даўамында илим, билимлендириў, ағартыўшылық, мәденият, спорт тараўларында жоқары нәтийжелерге ерискен республикамыздан 7 қыз «Ниҳол» сыйлығының, 21 қыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары болды.

Пәрманға муўапық жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсендилик ҳәм инта көрсеткен, өзиниң жемисли мийнети менен шаңарақтың қәлиплесиўине ҳәм абаданлығының беккемлениўине, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға мүнәсип үлес қосқан ҳаял-қызларға «Мўътабар аёл» көкирек белгиси шөлкемлестирилди. Быйылғы жылы республикамыздан 18 ҳаял-қыз усы сыйлыққа мүнәсип деп табылды. Сондай-ақ, түрли тараўларда жемисли мийнет етип киятырған 15 ҳаял-қызға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Миннетдаршылық хаты» жолланды.

Илажда сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»ниң директоры Светлана Сон, Кегейли районындағы 9-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы, «Ең жақсы китапқумар» таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы жеңимпазы Нурсулыў Қоқанова шығып сөйлеп, ҳаял-қызларымызға көрсетип атырған ғамқорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

-Байрам қарсаңында мени «Мўътабар аёл» көкирек белгисине мүнәсип деп тапқанынан қуўанышлыман, дейди «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районлық бөлиминиң баслығы Бийбихан Өтәмбетова.-Бул тек маған емес, республикамыздың ең арқа аймағында жасап атырған районымыздың гүллән ҳаял-қызларына берилген сыйлық деп есаплайман. Соңғы жыллары Президентимиздиң Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың жасаў шараятларын жақсылаўға қаратып атырған айрықша итибары бизлерди қуўанышқа бөлемекте.

Жыйналғанларға байрам дастурханы жайылып, республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.