Итибар беретуғын болсақ, соңғы ўақытлары интернет сайтларында өзин-өзи өлтириў жағдайлары тез-тезден жарытылмақта. Бул қаншелли дурыс?

Заманагөй жәмийетте ғалаба хабар қураллары үлкен әҳмийетке ҳәм тәсирге ийе екенлигин бийкарлай алмаймыз. Олар адамлардың минез-қулқына, ис-ҳәрекетлерине ҳәм олар арасындағы қатнасықларға үлкен тәсир көрсетеди. Өз жанына қастыянлық етиў жағдайларының  ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытылыўы, кери тәсир көрсетип, өзин-өзи өлтириў жағдайларының артыўына алып келиўи мүмкин.

Бул жағдай «Вертер эффекти» деп аталады. Бул түсиник Гётениң «Жас Вертердиң азаплары» шығармасының қаҳарманы Вертер атынан келип шыққан. Бул шығарма басып шығарылғаннан соң, (1774-жыл) ғалаба өз жанына қастыянлық етиў жағдайларына себеп болады.

Ҳәзирги ўақытта айырым ҒХҚлар болса «жыңғыл десе қырғын» деп, дәбдебе көтериўге урынбақта. Не емиш, «2» баҳа алғанынан түскинликке түскен оқыўшы өз жанына қастыянлық еткен емиш. Бундай хабарлардың турақлы берилиўи қалған оқыўшылардың психикасына тәсир етпей қалмайды. Оларда өз жанына қастыянлық етиў машқалалардың бирден-бир шешими деген надурыс түсиниктиң жүзеге келиўине себепши болады.

Өз жанына қастыянлық етиў – қорқынышлы! Бундай аўыр ўақыяның биреўи пүткил жәмийетти титиркендириўи керек. Оның алдын алыў усы жәмийеттеги ҳәр бир пуқараның ҳүждан исине айланыўы шәрт!

Бул әҳмийетли машқаланы ғалаба хабар қуралларында жәрияламасын, деп айтпақшы емеспен. Бирақ, өз жанына қастыянлық етиў жағдайларын жарытыўда төмендеги айырым мәселелерге итибар қаратылса, нур үстине нур болар еди.

Өз жанына қастыянлық етиў усылын ҳәм қуралларын, себеплерин жарытпаў керек. Тилекке қарсы, әмелде буның керисинше тәрепин көрип атырмыз. Питкериў кешесине баралмаған қыз өзин асқаны ямаса еки ашықлар өзлерин поезд астына таслағаны…

Бундай мысалларда көплеп келтириўимиз мүмкин. Бирақ бул әсте-ақырынлық пенен инсанның санасына тәсир етип, ўақыттың өтиўи менен унамсыз ҳәдийсеге себеп болады. Әне, қанша адам өзин асып ямаса отқа жағып атыр, оны мен де ислесем, не болыпты, деген пикир пайда болмай ма?

Имкан болғанша, өз жанына қастыянлық етиў ҳаққында қысқаша хабарлар болыўы керек. Ҳәдийсе ҳаққында улыўма мағлыўмат пенен шекленип, өз жанына қастыянлық етиў белгилерин (суициденттиң жасын, жасайтуғын орнын, жумыс орнын, оқыўын, кәсибин) түсиндириўден қашыў керек. Бул, әсиресе, жас өспиримлер ҳәм жаслардың өз жанына қастыянлық етиў жағдайларын жарытыўда жүдә әҳмийетли болып табылады.

Ўақыяларға илажы болғанынша қосымша драматикалық түс бермеўи керек. Яғный суициденттиң туўысқанлары, дослары ямаса классласларынан интервью алмаўы керек.

Бул жағдай потенциал суицидентлерде, өз жанына қастыянлық етиў басқалардың дыққатын тартыўдың ең нәтийжели усылы, деген алдамшы тәсир пайда етеди.

Жәмийетте өз жанына қастыянлық етиўге байланыслы аяўсыз көзқарасты қәлиплестириўде ғалаба хабар қураллары оғада қырағы қатнаста болыўы керек. Және «қас қояман деп, көз шығармаў керек».

Бул пикирлерге сиз не дейсиз? Мүнәсибет билдириң.

 

Муҳаммадамин Каримжонов,

Ташкент мәмлекетлик юридика университетиниң оқытыўшысы