Қарақалпақстанның Әмиўдәрья районындағы «Назархан» АПЖ аймағында, Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў автотрассасының бойындағы төбешикте шашылып атырған жүзлеген шар тәризли тасларды көп мәртебе көрсек те, оншелли дыққат аўдара бермеймиз. Дүньяның айырым мәмлекетлеринде усы сыяқлы тасларды аўызеки тилде «динозавр мәйеклери» деп атайды. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар берди.

Мағлыўматларға қараған, олардың жасы 50-60 млн жылды қурайды.

Илимде «Моераки таслары» деп аталатуғын шар тәризли таслар геологиялық көз-қарастан алып қарағанда, кальция менен океанның минералласқан дузларының және саз топырақтың биригиўинен пайда болады.

Нөкистен 30 км узақта жайласқан Әмиўдәрья районындағы бул таслар Тэтис океаны естеликлери болып есапланады.

Миллион-миллион жыллар алдын олардың диаметри 2-2,5 метр үлкенликте болған. Ўақыттың өтиўи менен жемирилип, қабықлары түсип қалған. Ҳәзирги ўақытта олардың диаметри 0,3-0,5 метрлер әтирапында.

Усы сыяқлы шар тәризли таслар Жаңа Зеландия атаўларында, Австралияда ҳәм Қазақстанның Маңғышлақ ўәлаятларында да ушырайды ҳәм туристлердиң сүйикли объектлерине айланған.

«Назархан» АПЖ турғыны Оңғарбай ағаның атап өтиўинше, бундай шар тәризли таслар аймақтағы басқа жерлерде де көп ушырайды. Егер бул таслардың асты қазылса, қазандай келетуғын қабықлары шығады. Жергиликли халық болса усы қабықларды дийўалдың тырнағына пайдаланыў ушын қазып алмақта.

Бәҳәр келиўи менен усы аймақларда өзине тән болған көринис пайда болады. Саяхат етиўшилер таслардың қасында сельфиге түседи.

Нөкисли илимпаз Юсуп Камалов болса күн жылыўы менен «динозавр мәйеклери» шашылған төбешиклерде дельтапланда ушыўды хош көреди. Жаз айларында болса адамлар емлениў ушын жақын жерлердеги дузлы көллерге келеди.

Тилекке қарсы, усындай әжайып орынлардан туристлик мақсетте ақылға уғрас түрде пайдаланылмай атыр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги