2019-жыл 5-март күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында гезектеги жалпы мәжилис болып өтти. Онда мәмлекетимизде қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық турақлылықты сақлаў тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе – «Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасының Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаў қызғын өтти.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда елимизде ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясы объектлерин қорғаў, олардан пайдаланыў тараўындағы жынаятлар және ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар саны артып бармақта. Мәселен, бул бағдарда 2016-жылы 4102, 2017-жылы 5245, 2018-жылы болса 6043 ямаса 2017-жылға салыстырғанда 15 процентке көп ҳуқықбузарлық жүз берген. Әсиресе, аң аўлаў, балық аўлаў тараўларында ямаса дәрилик ҳәм азық-аўқатлық өсимликлер түрлерин жыйнаў ямаса таярлаў тәртибин бузыў менен байланыслы жынаятлар саны артып атырғаны тәшиўишлендирмекте.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2018-жыл 2-февральда өткерилген Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети басшыларының есабатына бағышланған мәжилисте берилген тапсырмаға муўапық, комитет тәрепинен ислеп шығылған бул нызам жойбары Жынаят кодексинде белгиленген ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясын қорғаў ҳәм олардан пайдаланыўға байланыслы жынаятлар және Административлик жуўапкершилик кодексинде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықларды ислегени ушын жуўапкершиликти арттырыў жолы арқалы жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып табылады.

Депутатлардың пикиринше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи тараўда профилактикалық илажларды буннан былай да күшейтиўге, пуқаралар ҳәм лаўазымлы шахслардың қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан, соның ишинде, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясынан ақылға уғрас пайдаланыў, оларды қорғаў бағдарында жуўапкершилигин арттырыўға, арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың жумысын оператив ҳәм нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Буннан соң депутатлар «Атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалады.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 19-июльдеги «Өзбекстан Республикасында атом энергетикасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында ислеп шығылған бул нызам жойбары елимизде атом энергиясынан пайдаланыўды тәртипке салатуғын арнаўлы нызамға болған турмыслық зәрүрликти тәмийинлеўге қаратылған.

Жойбар атом энергиясынан пайдаланыўды тәмийинлеў системасы ушын ҳуқықый тийкарларды жаратыў, атом энергиясы ҳаққында ҳәрекеттеги барлық нормалар менен қағыйдаларды унификациялаў, оларды Өзбекстан Республикасы тәрепинен қол қойылған халықаралық миннетлемелер менен муўапықластырыў, атом энергиясынан пайдаланыўда юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша миллий нызамшылыққа сырт еллердиң ең нәтийжели тәжирийбесин және механизмлерин енгизиўди нәзерде тутады.

Нызам жойбары менен атом энергетикасы тараўында Министрлер Кабинети, атом энергетикасын раўажландырыў, оннан пайдаланыў тараўында бирден–бир мәмлекетлик сиясат ҳәм стратегиялық бағдарларды ислеп шығыў бойынша ўәкилликли уйым – Энергетика министрлиги және министрлик жанындағы атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги («Өзатом» агентлиги) және басқа да мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының ўәкилликлери белгиленбекте. Атом энергетикасынан пайдаланыў тараўында қәўипсизликти мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў системасы енгизилмекте.

Парламент ағзаларының атап өтиўинше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи атом энергиясынан тыныш мақсетлерде пайдаланыў, атом энергетикасын раўажландырыўдың ҳуқықый шараятларын жаратыўға хызмет етеди. Қоршаған орталықты ионластырыўшы нурланыўдың унамсыз тәсиринен қорғаў, пуқаралардың өмирин ҳәм денсаўлығын сақлаў системасын қәлиплестириў және авариялық жағдайлардың пайда болыў қәўпин минималластырыў мақсетинде атом энергиясынан пайдаланыўда лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин енгизиўге жәрдемлеседи.

Мәжилисте көрип шығылған және бир әҳмийетли ҳүжжет – «Турақлы органикалық патасландырыўшы затлар ҳаққындағы Стокгольм конвенциясын (2001-жыл 22-май, Стокгольм) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбары да қызғын додалаўға себеп болды.

Мағлыўмат орнында «Турақлы органикалық патасландырыўшы элементлер ҳаққындағы конвенция 2001-жыл 22-майда Стокгольм қаласында қабыл етилген ҳәм 2004-жылы күшке киргенлигин атап өтиў керек. Ҳәзирги күнде 182 мәмлекет конвенция қатнасыўшысы есапланады. Жетекши мәмлекетлерден АҚШ, Италия ҳәм Израиль конвенцияға қол қойған болса да, ратификацияламаған. ҒМДА мәмлекетлеринен тек ғана Өзбекстан ҳәм Түркменстан бул конвенцияға қосылмаған.

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен ислеп шығылған бул нызам жойбары мәжбүрий характерге ийе, халықтың денсаўлығы ҳәм қоршаған орталықты турақлы органикалық патасландырыўшы затлардан қорғаў мақсетинде оларды кескин қысқартыўға, тасландыларды тоқтатыўға және адам организминде экосистемаларды қайта тиклеўге болмайтуғын өзгерислерге алып келетуғын 12  қәўипли бирикпе (кейинги толықтырыўларды есапқа алған ҳалда 26 зат) ислеп шығылыўын, пайдаланылыўын шеклеў ямаса қадаған етиўге қаратылған Конвенцияны ратификациялаўды нәзерде тутады.

Депутатлардың атап өтиўинше, конвенцияны ратификациялаў Өзбекстан Республикасына турақлы органикалық патасландырыўшы затлар менен байланыслы экологиялық жағдайдың жақсыланыўына, халыққа, қоршаған орталыққа, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына жеткерилиўи мүмкин болған унамсыз ақыбетлерди сапластырыўға жәрдем береди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Европа Аўқамы жеңилликлери бас системасына қосылыўы есабынан мәмлекетимизде ислеп шығылған өнимлердиң экспорт көлемин ҳәм географиясын кеңейтиў имканиятын жаратады.

Пикир-таласлар, қызғын додалаўлардан соң бул нызам жойбарлары биринши оқылыўда қабыл етилди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети