Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында траст фондының шөлкемлестириўи халқымыз тәрепинен айрықша қанааатланыўшылық пенен күтип алынды.

Рашид Кошеков: Халықаралық Аралды қутқарыў қоры атқарыў комитети Нөкис филиалының директоры: Усы жылы 27-ноябрь күни Нью-Йорк қаласында БМШ арнаўлы структуралары, Халықаралық валюта қоры, Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, АҚШтың жетекши компаниялары менен банк-финанс институтлары, халықаралық мәмлекетлик емес экология бирлеспелери, илимий топарлардың қатнасында болып өткен илажда БМШтың Бас хаткери Антониу Гуттериштиң атап өткениндей, Траст фондының шөлкемлестирилиўи «Жәбирленген регион тарийхында жаңа бет» болып табылады. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен қабыл етилген 2018-2021-жыллары Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама бул жерде социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў бойынша инвестициялық жойбарларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыўға хызмет етпекте.

Бул бағдарда Халықаралық Аралды қутқарыў қоры атқарыў комитети Нөкис филиалы тәрепинен бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.  Бир ғана «Аралбойы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў» жойбары тийкарында филиалымыз тәрепинен киши бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Тадбиркор инвест микрокредит ташкилоти» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине шәртнамаға муўапық 2200,0 миллион сум қаржы ажыратыў, соның есабынан 200 жаңа жумыс орнын ашыў режелестирилген. Соннан бүгинги күнге 700 миллион сум қаржы ажыратылып, 34 жаңа жумыс орны жаратылды.

Усы жыл 27-ноябрь күни республикамызда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бурынғы Бас хаткери Пан Ги Мунның басшылығында «Аралбойы регионында экологиялық жағдайды жақсылаў мәселелери ҳәм усы процессте корейс диаспорасының әҳмийети» атамасындағы халықаралық форум өткерилиўи Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыўда нәтийжели бирге ислесиўде айрықша әҳмийетке ийе болып табылады.

Нурлыбек Мырзамуратов:  -Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты: Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында траст фондының шөлкемлестириўи елимиз турмысындағы тарийхый ўақыялардың бири болды. Халқымыз бул ўақыяны үлкен қуўаныш пенен қарсы алып, оның басламашысы болған Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шексиз миннетдаршылығын билдирмекте.

Усы жыл 24-август күни Түркменбашы қаласында болып өткен Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде Президентимиз Аралбойы аймағын Экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасы, деп жәриялаўды, шөл шараятына шыдамлы ҳәм азықлық өсимликлери нәллерин жетистириў бойынша Регионаллық орай шөлкемлестириўди усыныс еткен еди. Арадан көп ўақыт өтпестен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы өз жумысын баслады. Бунда тийкарғы мақсет, экологиялық таза технологияларды ислеп шығарыўға ҳәм әмелге асырыўға сырт ел инвестицияларын тартыў ушын шараят жаратыў, «жасыл экономика»,  экологиялық таза, энергия ҳәм суўды үнемлейтуғын технологиялар принциплерин комплексли түрде енгизиў, экотуризмди раўажландырыў ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў болып табылады.

Жаңабай Жусипов: «Нураний» қоры Мойнақ районлық бөлиминиң баслығы: –Президентимиз орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде жақында республикамызға сапары ўақтында районымызда болып, аймағымызда экологиялық жағдайды жақсылаў, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылған илажлардың барысы менен танысты. Усы сапары ўақтында мен де Президентимиз бенен ушырасыў бахтына миясар болдым. Мәмлекетимиз басшысының Арал апатшылығынан ең көп зыян көрген  тийкарынан бул – Мойнақ халқы, олардың сабыр-тақаты, ўатансүйгишлиги ҳәм мийнеткешлиги ушын рахмет айтыўымыз, соған мүнәсип хызмет етиўимиз керек,-деген сөзи  ҳәр биримизди айрықша қуўанышқа бөледи.

Өткен жылдың 1-июль сәнесинде  мойнақшылардың әсирлер бойы әрманы болған «Қоңырат-Мойнақ суў обьектти қурылысы» жойбарының пайдаланыўға тапсырылыўы экологиялық аймақта жасап атырған халқымызға болған итибар және ғамқорлық әмелдеги көриниси болды. Буннан тысқары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде, Арал апатшылығы сәўлелендирилген картаны көрсеткен ҳалда, жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын қаратты. Келеси жылда да  санаат, аўыл хожалығы,  хызмет көрсетиў бойынша бир қатар жойбардың әмелге асырылыўы районымыздың буннан да гүллеп-раўажланыўынан дәрек береди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы