Бүгин, 30 ноябрь күни Халық депутатлары Хорезм ўәлаятлық Кеңесиниң гезектен тыс сессиясы болып өтти.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усынысына муўапық, Хорезм ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Фарҳод Эрманов Хорезм ўәлаяты ҳәкими етип тастыйықланды.

Фарҳод Урозбоевич Эрманов 1958-жылы туўылған. Алдын Қарақалпақстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министри, Беруний районы ҳәкими лаўазымларында ислеген. Усы жылдың апрель айында 2017-жылдың октябрь айынан берли Хорезм ўәлаятын басқарған Илгизар Собиров лаўазымынан азат етилген ҳәм оның орнына Беруний районына ҳәким болып турған Фарҳод Эрманов ўақытша басшы етип тайынланған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги