Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўы менен танысыў, алдағы ўазыйпаларды белгилеў мақсетинде 29-ноябрь күни Хорезм ўәлаятына келди.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 14-15-октябрь күнлери Хорезмге сапары ўақтында ўәлаяттың экономикасын раўажландырыў, санаат ҳәм аўыл хожалығын структуралық өзгертиў, социаллық объектлерди қурыў ҳәм инфраструктураны жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Оған муўапық, өткен дәўирде аймақта көплеген жаңа кәрханалар, киши бизнес субъектлери шөлкемлестирилип, кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды. Санаат, транспорт, аўыл хожалығы, туризм, билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда перспективалы жойбарлар әмелге асырылды. Санаат кәрханалары, турақ жайлар, билимлендириў мәкемелери, социаллық-мәдений объектлер қурылды. Және де бир қатар жойбарлар бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.

Президентимиздиң Хорезм ўәлаятына сапары даўамында бурынғы сапар етиўинде белгиленген режелер қалай әмелге асырылып атырғаны менен танысыўы, аймақтың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў бойынша алдағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилениўи режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы Үргенш халықаралық аэропортынан Шават районына жол алды.

 

А.Шокиров, ӨзАның хабаршысы