Әййемги қүдирет ҳәм жедел реформалар үнлеслигинде раўажланып атырған Бухара

Президент Шавкат Мирзиёев 3-ноябрь күни Бухара ўәлаятына барды. Мәмлекетимиз басшысы тарийхый мийрасты қәстерлеп сақлаў ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыў бағдарындағы жумыслар, сондай-ақ, санаат ҳәм аўыл хожалығында әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.
Сапар Когон районында жайласқан Баҳаўаддин Нақшбанд мақбарасын зыярат етиўден басланды. Бул жерде Қуран оқылып, халқымызға тынышлық ҳәм абаданлық тилеп, пәтия етилди.
Хожа Муҳаммед Баҳаўаддин Нақшбанд XIV әсирде жасап өткен уллы улама, суфизмдеги нақшбандия тарийқатының тийкарын салыўшы. Оның мақбарасы әтирапында әсирлер даўамында қәлиплескен архитектуралық комплекс бүгин де ислам дүньясындағы қәдирли зыярат орынларынан бири болып есапланады.

Ҳәр күни орташа 15 мыңға шамалас адам зыярат ететуғын Баҳаўаддин Нақшбанд архитектуралық комплекси “Жипек жолы: Зарафшан – Қарақум коридоры” қурамында ЮНЕСКОның Дүнья жүзилик мийрасы дизимине киргизилген.
Соңғы жыллары комплекстиң тарийхый көринисин сақлаў ҳәм зыяратшыларға қолайлық жаратыў бойынша жумыслар алып барылды. XV әсир сызылмалары тийкарында “Даниялбий аталық” медресеси ҳәм “Тоқи мияна” дәрўазасы оңланды, музей экспозициясы ҳәм илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилди.
Президентимиз Бухара әсирлер даўамында ағартыўшылық исламның раўажланыўында әҳмийетли орын ийелеп келгенин атап өтти. Бул бай руўхый мийрасты терең үйрениў ҳәм оннан жаслар тәрбиясында нәтийжели пайдаланыў, оларды илим-ағартыўшылыққа ийтермелеў зәрүрлигин атап өтти.
– Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий ҳәм Имам Мотуридий бабаларымыздың аты менен байланыслы комплекслер – булардың барлығы бир мақсетке хызмет етеди: уллы бабаларымыздың илимий мийрасын даўам еттириў ҳәм жасларымызды усы руўхта тәрбиялаў,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Бухара қаласындағы Конгресс-холл комплекси ҳәм заманагөй мийманханалардың қурылысын көзден өткерди.

Соңғы жыллары Өзбекстанға келип атырған сырт елли туристлердиң саны избе-из өспекте. 2025-жылы бул көрсеткиш 2016-жылға салыстырғанда дерлик алты есеге, туризм хызметлериниң экспорты болса он бир есеге артты. Соның менен бирге, мәмлекетимизде ири халықаралық илажларды өткериў ушын заманагөй инфраструктураға талап артып бармақта.
Комплекс қаланың мине усындай илажларды өткериў имканиятын кеңейтеди. Конгресс-холл форумлар, жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ҳәм басқа да ири әнжуманларды өткериўге хызмет етеди.
Баҳасы 60 миллион доллар болған жойбар шеңберинде 14,5 мың квадрат метр майданлы имарат қурылмақта. Ҳәзирги ўақытта тийкарғы бетонластырыў жумыслары жуўмақланып, сыртқы инженерлик тармақларын тартыў, фасад ҳәм төбе бөлимлерин қурыў даўам етпекте.
Усы аймақта 37 миллион долларлық “Hilton Garden Inn” мийманханасы да бой тиклемекте. Жети қабатлы, 212 ханалы мийманханада жер асты автомобиль турыў орны нәзерде тутылған. Имараттың тийкарғы конструкциялары қурып питкерилген, ҳәзир ишки дийўаллар, инженерлик тармақлары ҳәм фасад жумыслары алып барылмақта.
Және бир жойбар – 39,6 миллион долларлық “Holiday Inn” мийманханасы. Бул имарат та жети қабатлы, 212 бөлмели болады, жанында еки қабатлы бизнес орайы да қурылмақта. Мийманханада төбе монтажы ҳәм ишки дийўаллар қурылысы, бизнес орайының жер төлесинде болса бетонластырыўдың жуўмақлаўшы басқышы кетпекте.
Мәмлекетимиз басшысы объектлердеги жумыслар менен танысып, олар Бухарада халықаралық илажларды жоқары дәрежеде өткериў, туризм хызметлериниң көлемин кеңейтиў ушын әҳмийетли екенин, бул болса халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм аймақтың экономикасын буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Қурылыс жумысларын белгиленген мүддетте, сапа талапларына қатаң әмел еткен ҳалда жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев Бухара қаласындағы Қош медресе ансамблин барып көрди.

Абдуллахан медресеси XVI әсир өзбек архитектурасының сийрек гезлесетуғын үлгилеринен бири, 1588-1590-жыллары Бухара ханлығының Шайбанийлер династиясынан шыққан ҳүкимдары, уллы сәркарда ҳәм мәмлекетлик гайраткерлерден бири Абдуллахан II тәрепинен қурылған.
Медресениң режеси ҳәм ишки дүзилиси қурамалы инженерлик шешими менен дәстүрий Бухара медреселеринен парық етеди. Комплекстиң бас кириў бөлими қублаға қаратылған болып, ол көк реңли плитка ҳәм сырлы нағыслардан терилген геометриялық мозаика менен безелген.
XVI әсирде медресе Мәўереннаҳрдың ең ири ҳәм абырайлы жоқары билимлендириў ҳәм илим орайларынан бири болған. Бул жерде илим жолындағыларға диний ҳәм дүньялық пәнлерден сабақ берилген. Атап айтқанда, медреседе Қуран, тафсир, ҳәдис, фиқҳ, ақоид пенен бир қатарда араб тили ҳәм әдебияты, логика, философия, математика, геометрия, медицина пәнлери терең оқытылған.
Ансамбльдиң қубла бөлиминде 1566-1567-жыллары Абдуллахан II тәрепинен өз анасы ҳүрметине қурылған Модарихан медресеси жайласқан. Медреселер бир-бирине қарама-қарсы, бир көшер сызығында қурылған.
Қўш медресе ансамбли 2023-2024-жыллары баҳасы 6 миллиард сумлық жойбар шеңберинде бир бөлеги реставрацияланған. Бүгинги күнде бул ансамбльге 1 миллион турист келмекте.
Мәмлекетимиз басшысына Қошмедресе ансамблин реставрациялаў режеси таныстырылды.
Президентимиз туристлер ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
Соң мәмлекетимиз басшысы Бухара қаласында қурылып атырған жаңа туризм орайында алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Әййемги Бухараның тарийхый естеликлери, өнерментшилик ҳәм гастрономиялық дәстүрлери туристлер ушын үлкен қызығыўшылық оятады. Жаңа орайда бул бай мийрасты заманагөй хызметлер менен үйлестириў, қалада ири халықаралық мәдений ҳәм исбилерменлик илажларын өткериў ушын шараят жаратыў нәзерде тутылған.
Президентимиз усы жылдың январь айында Бухара қаласының бас режесин додалаўда мәдений жойбарларды туризмди раўажландырыў менен байланыслы ҳалда әмелге асырыў, олардың экономикалық турақлылығын ҳәм сапалы басқарылыўын тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өткен еди. Бул орай да мийманлар ушын ҳәр қыйлы хызметлерди бир аймақта жәмлеўге қаратылған.
Комплекс 50 гектар майданда қурылмақта. Жойбарға жәми 105 миллион доллар инвестиция қаратылыўы режелестирилген.
Жойбарға бола, аймақта қабыллаўлар үйи, көргизбелер залы, музей, еки заманагөй мийманхана, 80 шаңарақлық мийман үйи, 2 мың орынлық амфитеатр, 70 тен аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшасы қурылады. Сондай-ақ, сейил етиў орынлары, өнерментшилик орайлары ҳәм жасалма көл шөлкемлестириледи. Имаратлардың көринисинде Бухара архитектурасына тән дәстүрлерди заманагөй шешимлер менен үйлестириў нәзерде тутылған.
Ҳәзир орайдың 10 гектар майданында инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў жумыслары алып барылмақта. Бул процесске 50 ге шамалас арнаўлы техника тартылған.
Комплекс толық иске қосылғаннан соң, 2 мың жумыс орны жаратылыўы, Бухараға қосымша 2 миллионнан аслам турист тартылыўы күтилмекте. Есап-санақларға бола, жергиликли бюджетке жыллық түсим 288 миллиард сумды қураўы мүмкин.
Президентимиз жойбардың әҳмийети тек ғана қурылып атырған имаратлар менен өлшенбеўи, әсирлер даўамында илим-ағартыўшылық, саўда ҳәм өнерментшилик орайы болып келген Бухараның даңқына мүнәсип орталық жаратыў, оның бай мийрасын дүньяға және де кеңнен танытыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Жаңа орайға келген мийман қаланың тарийхый руўхын сезиўи, бүгинги раўажланыўын көриўи, бухаралылар болса туризмниң раўажланыўынан жумыс орны ҳәм дәрамат көриўи керек. Президентимиз жойбарды әне усы мақсетлерден келип шығып әмелге асырыў ўазыйпасын қойды.
Президент Шавкат Мирзиёев Бухара ўәлаятына сапары ўақтында Вьетнамның ” ROX Group ” компаниясы тәрепинен елимизде әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарлардың презентациясы менен танысты.
Компания ўәкиллери Бухарада екеўден, Ташкент қаласының Учтепа районы ҳәм Самарқандта биреўден – жәми төрт қала қурылысы жойбары ҳаққында мәлимлеме берди. Олардың улыўма майданы 285 гектарды, инвестиция көлеми 4,5 миллиард долларды қурайды. Жойбарлар 115 мың халыққа мөлшерленген.
Бухара районында 65 гектар, Бухара қаласында болса 25 гектар майданда жаңа турақ жай массивлериниң қурылысы басланды. Оларда 30 мың халыққа мөлшерленген көп қабатлы турақ жайлар, мийманханалар, бизнес орайлары, саўда, хызмет көрсетиў ҳәм кеўилашар объектлер қурыў нәзерде тутылған.

Учтепа районындағы жойбар заманагөй қала орталығын жаратыўға, Самарқандтағы баслама болса туристлик комплекс әтирапындағы инфраструктураны кеңейтиўге қаратылған. Вьетнамлы инвестор Жиззақ ўәлаятының Зомин районында санаат зонасын шөлкемлестириў басламасын да алға қойды.
Мәмлекетимиз басшысы усынылған концепцияларды мақуллап, жойбарларда алдынғы қала қурылысы шешимлерин қолланыў зәрүр екенлигин көрсетип өтти. Жуўапкерлерге жойбарлар ушын зәрүр инфраструктура ҳәм әмелге асырыў механизмлерин компания менен биргеликте пуқта ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Бухара ўәлаятына сапары шеңберинде жаңа объектлерди иске қосыў ҳәм перспективалы жойбарлар қурылысына старт бериў мәресиминде қатнасты.
Бухара әсирлер даўамында илим, мәденият ҳәм өнерменшилик орайы болып келген. Бүгин ата-бабаларымыздан мийрас дөретиўшилик дәстүрлери заманагөй өндирис, исбилерменлик ҳәм туризм раўажланыўында даўам етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы соңғы тоғыз жылда ўәлаятқа 9,5 миллиард доллар муғдарында сырт ел инвестициясы тартылып, 6 мыңнан аслам жаңа өндирис қуўатлылығы ҳәм 120 мың турақлы жумыс орны жаратылғанын атап өтти. Бул нәтийжелер адамлардың бәнтлиги ҳәм дәраматының артыўы, жергиликли кәрханалардың жаңа базарларға шығыўында өз көринисин таппақта.
– Бүгинги Бухара уллы тарийхтан жаңа раўажланыў ҳәм саўлатлы жойбарлар дәўирине жеделлик пенен қарамақта, – деди Президентимиз.
Нефть-химия, тоқымашылық, қурылыс материаллары, машина қурылысы, энергетика, таў-кән санааты, фармацевтика, санлы технологиялар, логистика, аўыл хожалығы, азық-аўқат, турақ жай қурылысы, инфраструктура, хызмет көрсетиў ҳәм туризм тараўларында улыўма баҳасы 7,8 миллиард доллар болған 145 жойбардан ибарат бағдарлама қәлиплестирилген. Соннан 654 миллион долларлық 55 жойбар иске қосылмақта, баҳасы 7,1 миллиард доллар болған және 90ының қурылысы басланбақта.

Жойбарларда АҚШ, Канада, Германия, Япония, Қубла Корея, Сингапур, Қытай, Вьетнам, Түркия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Саудия Арабстаны, Россия ҳәм Ҳиндстан инвесторлары, Азия раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки ҳәм жергиликли исбилерменлер қатнаспақта.
Олардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 14 мыңнан аслам жумыс орны жаратылыўы, жылына 22 триллион сумлық өним ислеп шығарылыўы ҳәм 510 миллион долларлық экспорт имканиятының пайда болыўы күтилмекте.
– Мақсетимиз бир – импорттың орнын басатуғын ҳәм сыртқы базарларда талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыў, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Ўәлаятта энергетика тараўында да ири қуўатлықлар қурылмақта. Соңғы жыллары “жасыл” энергетикаға 2 миллиард доллар тартылып, 1 мың мегаватт самал ҳәм 750 мегаватт қуяш электр станциялары, сондай-ақ, 63 мегаваттлы энергия сақлаў системалары иске қосылды. 601 километр магистраль электр тармағы тартылды.
Ғыждуўанда “ACWA” компаниясы менен 300 мегаваттлы “Бош-2” самал электр станциясы, Жандарда “Toyota Corporation” ҳәм Пешкуде “Sinoma” компанияларының қатнасыўында улыўма қуўатлылығы 1 мың мегаватт болған самал электр станцияларының қурылысы даўам етпекте. Қытайлы шериклер менен Когон районында турмыслық шығындылардан электр энергиясын алыўға қаратылған 165 миллион долларлық жойбарды әмелге асырыў, Германияның “Leman” компаниясы менен болса “Әмиў-Бухара” каналы насос станцияларының турақлы ислеўин тәмийинлеў бойынша 150 миллион долларлық жойбарды жолға қойыў режелестирилген.
Ўәлаяттың пахташылықтағы тәжирийбесине сүйенген ҳалда заманагөй тоқымашылық кластерлери раўажландырылмақта. Бухара қаласында “Kurt Baver” бренди астында жылына 62 мың тонна өним ислеп шығаратуғын тоқымашылық комплекси қурылады. Ромитан қаласында қытайлы инвесторлардың қатнасыўында баҳасы 400 миллион доллар болған пахта-тоқымашылық кластери шөлкемлестирилмекте. Бул жойбарлар шеңберинде 9 мың гектар жерди өзлестириў басламасы да алға қойылған. Нәтийжеде жоқары қосымша қунлы өнимлердиң үлесин 65 процентке жеткериў ҳәм қосымша 100 миллион долларлық экспорт имканиятын жаратыў нәзерде тутылған.
Туризм Бухара раўажланыўының және бир әҳмийетли бағдары болып есапланады.
– Әййемги естеликлер, мәдений мийрас ҳәм заманагөй инфраструктура үйлесими Бухараны туристлердиң сүйикли орнына айландырмақта. Бүгинги илажымыз өтип атырған, жаңадан қурылып атырған Бухара туризм орайы мине усы ийгиликли мақсетке хызмет етеди, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Орайда “Мәңги Бухара” мәдений-этнографиялық парки, көргизбелер залы, заманагөй мийманханалар, мәдений ҳәм кеўилашар орынлар қурылады. Сондай-ақ, Бухара қаласында “Indigo”, “Holiday Inn” ҳәм “Hilton” халықаралық брендлери астында мийманханаларды қурыў режелестирилген.
– Улыўма, Бухарада баҳасы 3 миллиард долларлық 19 ири жойбарды баслаймыз. Егер бул жумысларды системалы шөлкемлестирсек, тек ғана Бухараның өзинде 5 миллиард долларлық туризм хызметлериниң экспортын биймәлел тәмийинлеймиз, – деди Президентимиз.
Келеси бес жылда Бухара ўәлаяты халқын толық ишимлик суўы менен, ири қалалар ҳәм район орайларын болса канализация тармағы менен тәмийинлеў мақсет етилген. Халықаралық бирге ислесиўшилер менен улыўма баҳасы 633 миллион доллар болған еки ири жойбар басланған. Олардың есабынан 2 миллион халықтың суў тәмийнаты жақсыланады, 781 мың халық биринши мәрте ишимлик суўына ийе болады.
Сондай-ақ, ўәлаяттың транзит потенциалын үш есеге арттырыўға қаратылған, баҳасы 565 миллион доллар болған жети жол жойбары әмелге асырылады.
Президентимиз символикалық түймени басып, жаңа объектлерди иске қосты ҳәм перспективалы жойбарлардың қурылысына старт берди. Сырт елли инвесторлар менен сөйлесиў болып өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев Бухара қаласында өткерилиўи режелестирилген ири халықаралық илажларға таярлық мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы болажақ илажлар Бухараның бай тарийхый мийрасы ҳәм бүгинги потенциалын көрсетиў менен бирге, ўәлаятты раўажландырыўға хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти. Буның ушын таярлықты илажлар өтетуғын орынлар менен шеклемей, транспорт, хызмет көрсетиў, қәўипсизлик ҳәм қала инфраструктурасын бир тутас тәризде раўажландырыў зәрүр.
Мәжилисте жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ҳәм ири халықаралық илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды. Ҳәр бир министрлик ҳәм уйымға сырт елли шериклер менен өз бағдары бойынша мазмунлы сөйлесиўге таярлық көриў, мәмлекетимиздеги реформалардың әмелий нәтийжелерин көрсетиў ҳәм жаңа биргеликтеги басламалар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды. Бухарада заманагөй жағдай орайларының жумысын жолға қойыў, жәмийетлик орынлар ҳәм туристлик объектлердеги жағдайды санлы технологиялар жәрдеминде бақлаў, жол ҳәрекетин басқарыў ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша режелер додаланды. Мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда профилактика инспекторлары ҳәм “мәҳәлле жетилиги”ниң бирге ислесиўин күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Президентимиз Бухараға келген мийман бәринен бурын аэропорт, вокзал ҳәм жоллардың жағдайына итибар қарататуғынын атап өтти. Сол себепли баҳасы 300 миллион доллар болған жаңа халықаралық аэропорттың қурылысы, оны қала менен байланыстыратуғын 23,5 километрлик жолды қурыў ҳәм жол бойларын көклемзарластырыў жумыслары көрип шығылды. Темир жол вокзаллары әтирапын абаданластырыў, автомобиль турыў орынлары, жақтыландырыў, сервис ҳәм жәмийетлик транспорт қатнаўын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди. Қала ҳәм районларды вокзаллар менен байланыстырыў ушын қосымша 120 автобус тартыў белгиленди.
Бухараның климат шараятын есапқа алған ҳалда жасыл аймақларды кеңейтиў, терек ҳәм путалар егиў менен бирге, оларды тәрбиялаў ушын суўғарыў ҳәм дренаж системаларын шөлкемлестириў мәселелерине де итибар қаратылды.
Халықаралық илажлардан инвестициялық ҳәм экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ушын пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Санаат кооперациясы, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, транспорт-логистика ҳәм экспорт тараўларында сырт елли шериклер менен әмелий келисимлерге ерисиў бойынша усыныслар көрип шығылды. Сондай-ақ, ўәлаятта қайта тиклениўши энергетика жойбарлары, электр энергиясын узатыў ҳәм сақлаў инфраструктурасын раўажландырыў жумыслары додаланды.
Бухараның тарийхый-мәдений мийрасы ҳәм туристлик имканиятларын кеңирек көрсетиў менен бирге, мийманларды аймақтағы заманагөй кәрханалар, аўыл хожалығы, өнерментшилик ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы жумыслар менен тиккелей таныстырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматларды арттырыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәденият тараўларындағы өзгерислерди де әмелде көрсетиў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы таярлық процесинде қурылатуғын ҳәр бир объект ҳәм енгизилетуғын ҳәр бир система илажлардан кейин де бухаралыларға хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге аймақларға шығып, жумыслардың барысын жеке өзи үйрениў, машқалаларды орнында шешиў ҳәм барлық ўазыйпалардың орынланыўын қатаң муўапықластырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Бухара районындағы “Tekhnochem” кәрханасында болып, нефть-химия кластериниң жумысы ҳәм перспективалы режелери менен танысты.
Тәбийий ресурсларды терең қайта ислеп, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў мәмлекетимиз санаат сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Бухара районындағы кластер нефть ҳәм газ конденсаты, нафта, метанол және пиролиз дистиллятын қайта ислеўге қәнигелескен. Бул бағдардағы комплекс республикада бирден-бир болып есапланады.
Кәрхана 69 гектар майданды ийелеген. Бул жерде 500 ге шамалас адам мийнет етпекте. Комплексте жылына 100 мың тонна пиролиз дистиллятын, сондай-ақ, 160 мың тонна нафта ҳәм газ конденсатын қайта ислеў қуўатлылығы бар. Бул жанылғы менен бир қатарда химия санааты ушын зәрүр өнимлер алыў имканиятын береди. Соның ишинде, октанбустер бензин сапасын арттырыўда, еритиўшилер болса бояў, лак, желим ҳәм турмыслық химия өнимлерин ислеп шығарыўда қолланылады.
Президентимизге кластерди кеңейтиўдиң гезектеги басқышы ҳаққында мәлимлеме берилди.
2028-жылдың ақырына шекем 292 миллион долларлық инвестициялық жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Ол газ конденсаты ҳәм нафтаны қайта ислеў, ароматикалық углеводородлар және еритиўшилер ислеп шығарыўды жолға қойыўды нәзерде тутады. Нәтийжеде жыллық қайта ислеў қуўатлылығы қосымша 400 мың тоннаға артыўы ҳәм 700 жаңа жумыс орны жаратылыўы күтилмекте.
Жаңа қуўатлықлар иске қосылыўы менен технологлар, инженерлер, химиклер ҳәм лаборатория қәнигелерине талап та артады. Мәмлекетимиз басшысы усы мүнәсибет пенен аймақта кәсиплик билимлендириў ҳәм өндирис арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў зәрүрлигине итибар қаратты.
Кәрхана Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Аўғанстан ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлерине жылына 180 мың тоннаға шамалас нефть-химия өнимлери, автобензин ҳәм дизель жанылғысын экспорт етиўди режелестирмекте. Сондай-ақ, 2028-2030-жылларда 150 мың тонна суйылтырылған газди қайта ислеў жойбары бойынша сырт елли шериклер менен сөйлесиўлер алып барылмақта.
Президентимиз кластердиң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм жаңа қуўатлықлар ушын маман кадрлар таярлаў бойынша усыныслар берди.
Президент Шавкат Мирзиёев Қараўылбазар районындағы Бухара нефтьти қайта ислеў заводына барып, кәрхананы модернизациялаў жойбары менен танысты.
Завод елимизде жанылғы өнимлерин ислеп шығаратуғын ири кәрханалардан бири. Бул жерде 3 мың 200 ден аслам қәниге мийнет етпекте. Усы жылдың тоғыз айында 1,36 миллион тонна, баҳасы 12,1 триллион сум болған нефть өнимлери ислеп шығарылды. Өним ҳәм хызметлер экспорты 99,5 миллион долларды қурады. Жылдың ақырына шекем бул көрсеткишти 116 миллион долларға жеткериў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысына усынылған модернизация жойбары шийки затты қайта ислеў көлемин арттырыў менен бирге жоқары октанлы бензин ислеп шығарыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған. Жойбардың улыўма баҳасы 328 миллион долларды қурайды.
Оның шеңберинде нафтаны гидротазалаў ҳәм изомерлеў қурылмалары орнатылады. Гидротазалаў процесинде шийки зат қурамындағы күкирт ҳәм басқа араласпалар азайтылады. Изомеризация болса жеңил фракциялардан алынатуғын бензиннин октан санын арттырыў имканиятын береди. Бул процесслер Евро-5 талапларына жуўап беретуғын АИ -92 ҳәм АИ-95 маркалы бензин ислеп шығарыўды көбейтиў ушын әҳмийетли.
Жойбарда шийки затты фракцияларға ажыратыў ҳәм аўыр қалдықларды терең қайта ислеўди жетилистириў де нәзерде тутылған. Нәтийжеде заводтың жыллық қайта ислеў қуўатлылығына және 2,5 миллион тонна қосылып, улыўма қуўатлылық 5 миллион тоннаға жетеди. Қайта ислеў көлеми ҳәм таяр өним ислеп шығарыўдың артыўы ишки базар тәмийнатын беккемлеў, экспортты көбейтиў имканиятын жаратады.
Президентимиз модернизациялаў жумысларын белгиленген мүддетлерде ҳәм жоқары сапада орынлаў, жаңа қурылмаларды әмелдеги өндирис процесслерине үнлес ҳалда енгизиў және кәрхананың турақлы жумысын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди және жойбарда қатнасып атырған сырт ел компанияларының ўәкиллери менен сөйлести.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Абдулазиз РУСТАМОВ,
Зарифжон КОМИЛОВ,
Дилшод ҲАКИМОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары