Қәўипсиз, тәртипли ҳәм дәраматлы миграция: Өзбекстанда жаңа система енгизилмекте

899

Президент Шавкат Мирзиёев 2-ноябрь күни Ташкент қаласының Учтепа районындағы “Intil” халықаралық тил ҳәм кәсипке оқытыў орайының жумысы менен танысты.

Мәмлекетимизде сырт елде жумыс ислеў тилегиндеги пуқараларды анық жумыс орынларына мақсетли таярлаўға итибар қаратылмақта. Онда тил үйретиў, кәсиплик көнликпе бериў, маманлықты тастыйықлаў ҳәм жумысқа жайласыўға жәрдемлесиў процесслерин өз-ара байланыстырыў үлкен әҳмийетке ийе. Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген орай әне усы ўазыйпаларға хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысына орайдың имканиятлары, билимлендириў бағдарламалары ҳәм сырт елли шериклер менен жолға қойылған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

– Он жыл алдын нызамлы миграция бойынша санаўлы мәмлекетлер менен келисимимиз бар еди. Бүгин ашық-айдынлық сиясатымыз себепли жасларымыз ушын көплеген мәмлекетлерде мүнәсип жумыс имканиятлары ашылмақта,-деди Президентимиз. – Мен жасларымызды сырт елге әпиўайы жумысшы емес, тәжирийбели қәниге сыпатында жибергим келеди. Мақсетимиз – оларға кәсип үйретиў, жаңа орталық ҳәм мәдениятқа бейимлесиўине жәрдемлесиў.

Дерлик 3,5 гектар майданда жайласқан орайда пуқараның дәслепки мүрәжатынан баслап, ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, тил ҳәм кәсип үйрениў, имтихан тапсырыў ҳәм сырт елге жумысқа кетиўине шекемги процесслер бир жерде шөлкемлестирилген. Фронт-офисте мәсләҳәт ҳәм виза мәселелери бойынша жәрдем көрсетиледи. Бул жерде банк хызметлери, авиабилет кассалары ҳәм колл-орай да жумыс алып барады.

Комплексте 600 орынлық оқыў, 180 орынлық әмелий шынығыў ханалары, 120 орынлық имтихан орайы ҳәм 400 орынлық жатақхана бар. Ҳәзирги ўақытта 6 халықаралық жойбар шеңберинде 240 тыңлаўшы билим алмақта. Олар ушын оқыў ҳәм жатақхана бийпул.

Президентимиз тил ҳәм кәсипке оқытыў ханаларындағы сабақлар менен танысты. Орайда немис, инглис, япон, корейс, чех, поляк, итальян ҳәм словак тиллери үйретиледи. Тил таярлығы бағдарламалары 6 айдан 10 айға шекем даўам етеди. Олардың мазмуны сырт елли жумыс бериўшилердиң талапларына қарап жаңаланып барылады.

Кәсиплик билимлендириў 12 бағдарламаны қамтып алған. Тыңлаўшылар медицина, кепсерлеў, электр ҳәм сантехника жумыслары, қоймахана логистикасы, қурылыс, мийманхана ҳәм ресторан хызмети, аспазлық сыяқлы бағдарлар бойынша таярланбақта.

– Қайсы жерге барсаңыз, сол мәмлекетте мәдениятымыз, үрп-әдетлеримиз ҳәм тарийхымызды таныстырың. Жақында Японияның Нагоя қаласының мэри жасларымыздың мәденияты ҳәм әдеплилигине ҳайран қалып, маған хат жоллады. Сизлер ҳаққында да “уллы тарийхқа ийе уллы мәмлекеттиң перзентлери екен” деген гәплер айтылыўын қәлеймен, – деди Президентимиз тыңлаўшылар менен сәўбетте.

Мәмлекетимиз жетекшиси әмелий симуляция ханаларында коммунал ҳәм қурылыс тараўларына байланыслы шынығыўларды көзден өткерди. Бул жерде тыңлаўшылар жумыс орнына жақынластырылған шараятта кәсиплик көнликпелерин беккемлейди. Соның ишинде, сантехника ҳәм электр системалары менен ислеў үйретиледи, кепсерлеўшилер ISO 9606 халықаралық стандартлары тийкарында таярланады. Оқыў үскенелери Германия, Қытай ҳәм Россиядан алып келинген.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы имтихан ханаларын көрди. Орайда тыңлаўшыларды халықаралық тил сертификатларына таярлаўға итибар қаратылып, ÖSD, TELC, J-CERT ҳәм EPS TOPIK имтиханларын тапсырыў имканияты жаратылған.

– Инглис тилине қандай жеңиллик берген болсақ, немис ҳәм япон тиллерин де сондай үйретемиз. Мектепти питкергеннен кейин кепилликли жумыс орнына ийе болыўы ушын тилди де, кәсипти де мектепте-ақ үйретиўимиз керек, – деди Президентимиз.

Таярлық сырт елли бирге ислесиўшилер менен биргеликте алып барылмақта. “Proud Partners”, “Onodera User Run”, “Deutsche Bahn”, “RecruitMed GmbH”, “PentaHospital” компаниялары ҳәм Перуджиа университети қатнасыўындағы жойбарлар пуқараларды жумыс бериўшилердиң талабына сәйкес оқытыў ҳәм жумысқа жайластырыўға жәрдемлесиўге қаратылған.

Тыңлаўшылар ушын коворкинг, спорт майданшалары ҳәм дем алыў орынлары да шөлкемлестирилген. Орайда 40 жергиликли хызметкер ҳәм оқытыўшы, сондай-ақ, 6 шет тили муғаллими жумыс алып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы сырт елли жумыс бериўшилердиң талабынан келип шығып, талабанларды таңлап алыў, тил ҳәм кәсипке оқытыў және жумысқа жайластырыўға жәрдемлесиўди бирлестирген бул тәжирийбени басқа аймақларда да енгизиў бойынша усыныслар берди.

Буннан соң, Президент Шавкат Мирзиёев мийнет миграциясы және сырт елде жумыс ислеў тилегинде болған халықты тил ҳәм кәсиплерге мақсетли оқытыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Жәҳән мийнет базарындағы талап өзгерип бармақта. Бүгин дүньяда 168 миллион адам сырт ел мийнет миграциясында. Бир тәрептен, мәмлекетимизде сырт елде жумыс ислеў тилегиндеги пуқаралар бар, екинши тәрептен, бир қатар мәмлекетлерде қәниге жумысшы күшине талап артып бармақта. Мәмлекетимиз басшысы бул имканиятларды өз-ара байланыстырыў, пуқараларды анық жумыс орынларына таярлаў зәрүр екенлигин атап өтти.

Кейинги жылларда тәртипли мийнет миграциясы бойынша бирге ислесиў көлеми кеңейди. Алдын бул бағдарда үш мәмлекет пенен жумыс алып барылған болса, ҳәзир олардың саны 27 ге жетти. Бирге ислесип атырған ири сырт ел жумыс бериўшилериниң саны дерлик 400 ге көбейди. Сырт елде жумыс ислеп атырған ўатанласларымыздың саны он жылда еки есеге азайған болса да, олардың шаңарақларына жиберип атырған қаржылары төрт есеге артты. Бул пуқаралардың жоқары маманлықтағы ҳәм дәраматлы жумысларға жайласыўы қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетеди.

Бирақ аймақлар нәтийжелери арасында үлкен айырмашылық сақланып қалмақта. Сырт елде жумыс ислеп атырған бир адамға туўра келетуғын орташа айлық пул өткериўи Ферғанада 1 мың 850 доллар болса, айырым аймақларда 400 долларға да жетпейди. Ҳәкимлер, елшилер ҳәм техникум басшылары пуқараларды жоқары дәраматлы жумысларға таярлаў бойынша жумысын қайта көрип шығыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Германия, Түркия, Словакия ҳәм Қатарда жумыс бериўшилерди техникумлар менен байланыстырыў бойынша унамлы мысаллар бар. Басқа мәмлекетлердеги елшилер де мийнет базары имканиятларын анық жумыс орынлары ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламаларына айландырыўы керек екенлиги атап өтилди.

Европа Аўқамы Орайлық Азиядан қәнигелерди тартыў мәселесин биринши мәрте миграция стратегиясына киргизген. Уллы Британияда да 33 мың жумысшыға зәрүрлик бар. Соған қарамастан, бул мәмлекетке жерлеслеримиз тийкарынан аўыл хожалығындағы мәўсимлик жумысларға бармақта. Медицина, логистика ҳәм санаат тараўларында жумыс бериўшилер менен анық келисимлерге ерисиў, Италия менен бар имканиятлардан пайдаланыў, сондай-ақ, “Жаслар мобиллиги” бағдарламасында қатнасыў мәселесин шешиў ўазыйпасы қойылды.

Президентимиз шет тиллерин билиў жоқары дәраматлы жумыс табыўдың тийкарғы шәртлеринен бири екенине итибар қаратты. Мәмлекетимизде инглис тилин пуқта үйренип, сертификат алған 200 мыңға шамалас жас бар. Олардың АҚШ, Канада, Австралия, Жаңа Зеландия ҳәм басқа да мәмлекетлерде ислеўи ушын имканиятларды кеңейтиў зәрүр.

Германиядан быйылғы жылдың өзинде 45 мың қәнигеге буйыртпа келип түскен, бирақ тек ғана 2 мың адам жумысқа жайластырылған. Оған немис тилин билетуғын кадрлардың жетиспеўшилиги себеп болмақта. Сонлықтан, кәсиплик билимлендириў менен тилге таярлықты бирге алып барыў, сырт елли жумыс бериўшилердиң буйыртпасын техникумлардағы оқыў бағдарламалары менен байланыстырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ҳәр бир ўәлаяттағы еки-үш техникумда кәсип пенен бирге немис тилин оқытыўды жолға қойыў ўазыйпасы қойылды. “Intil” халықаралық оқыў орайында “Telc” компаниясының қатнасыўында 100 немис тили муғаллимлерин таярлаў басланған. Келеси жылы олар аймақлардағы техникумларға тартылады. Мектеп ҳәм техникумлар ушын және 500 немис тили ийелерин алып келиў, жоқары билимлендириў мәкемелеринде немис тили муғаллимлерин таярлаў бойынша мәмлекетлик буйыртпаны еки есеге арттырыў белгиленди.

Ўәлаят ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары “Intil”  орайының тәжирийбесин үйренип, келеси жылы ҳәр бир аймақта бирден-бир миграция орайын ашады. Буның ушын ҳәр бир ўәлаятқа 8 миллиард сумнан ажыратылады. Келеси жылы 10 мың адамды кәсип ҳәм немис тилине үйретип, Германияда жумысқа жайластырыў ўазыйпасы қойылды.

Ири сырт ел компаниялары өзлерине зәрүр қәнигелерди Өзбекстан техникумларында таярлаўға қызығыўшылық билдирмекте. Усы тийкарда бир ай ишинде 20 техникум таңлап алынып, олардың бағдарламалары сырт елли жумыс бериўшилердиң талабына бейимлестириледи. Ҳәр бир ўәлаяттағы және еки-үш техникумды ири исбилерменлердиң басқарыўына бериў, олар арқалы жылына кеминде 30 мың жумысқа таяр қәниге жетистириў режелестирилмекте.

Бундай техникумлар 15 жылға басқарыўға бериледи, питкериўшилер мәмлекетлик үлгидеги маманлық сертификатын алады. Кадрлар таярлаў ҳәм үскенелерге жумсалған қаржыларды салықлардан шегирме етиў, сырт елде жақсы жумысқа жайласқан питкериўшилер ушын грант ажыратыў нәзерде тутылмақта.

Мәжилисте жеке меншик бәнтлик агентликлериниң жумысы да талланды. Лицензия бериў тәртиби әпиўайыластырылғаннан соң, еки жылда олардың саны үш есеге, агентликлер арқалы сырт елде жумысқа жайласқанлардың саны бес есеге артты.

Келеси жылы пуқараларды сырт елге жумысқа жибериў ўазыйпасы жеке меншик сектордағы исенимли бәнтлик агентликлерине өткериледи. Жоқары дәраматлы жумысқа жайластырылған ҳәр бир пуқара ушын оларға 1,5 миллион сумнан хошаметлеў пулы төленеди. Агентликлердиң ашық рейтинги жүргизилип, жумысқа орналасыў нәтийжеси, пуқаралардың ҳуқықларының қорғалыўы ҳәм социаллық кепилликлер тийкарғы өлшем болады.

Усы жылдың өзинде 34 мәмлекетте 287 мың адамды жумысқа жайластырыў имканияты бар, бирақ бул ҳаққында пуқараларға жетерли мағлыўмат жеткерилмей атыр.

Енди сырт елдеги ҳәр бир жумыс орны бойынша қәнигеге қойылатуғын талап, зәрүр тил ҳәм оқыў имканиятлары ҳаққындағы мағлыўмат мәҳәллеге жеткериледи. “Мәҳәлле жетилиги” сырт елде жумыс ислеў тилегиндеги пуқараларды “Онлайн мәҳәлле” платформасына киргизеди. Ҳәкимлер ҳәм жуўапкер шөлкемлер олардың кәсип ҳәм тилге таярланыўы және жумысқа орналасыўына жуўапкер. Ўәлаят ҳәкимлери бул бағдардағы нәтийжелерди ҳәр айда, район ҳәкимлери болса айына еки мәрте көрип шығады.

Елшилерден жумыс бериўшилер менен келисим дүзиў менен шекленбестен, квоталар, жумысшы визалары ҳәм маманлықты тән алыў мәселелерин экономикалық дипломатия арқалы шешиў талап етилди. Олар ҳәкимлер менен бирге пуқаралардың жумысқа жайласыўы ҳәм жаңа орталыққа көнлигиўине шекемги процесс ушын жуўапкер болады.

Сырт елде мийнет етип атырған ўатанласларымыздың ҳуқықларын қорғаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Енди қыйын жағдайға түскен пуқара “Онлайн мәҳәлле” платформасында хабар қалдырыўы мүмкин. Зәрүр жағдайларда елши оның машқаласы менен өзи шуғылланады. Ҳәкимлерге болса сырт елде жумыс ислеп атырғанлардың шаңарақлары, ата-аналары ҳәм перзентлерин қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы қойылды.

– Сырт елде мийнет етип атырған бирде-бир ўатанласымыз өз машқаласы менен жалғыз қалмаўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте мийнет миграциясынан қайтқан пуқаралардың бәнтлиги мәселеси де көрип шығылды. Жыл басынан берли 1 миллион 116 мың адам қайтқан. Олардың арасында сырт елде санаат, қурылыс, логистика ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында тәжирийбе арттырған қәнигелер бар. Ҳәкимлер ҳәм тармақ басшылары олардың потенциалынан пайдаланып, мүнәсип жумыс усыныс етиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буның ушын қайтқан пуқаралардың жумыс ислеген жери, кәсиби ҳәм стажы сәўлелендирилетуғын платформа жаратылады. Жылдың ақырына шекем олардың 250 мыңына мүнәсип жумыс табыў, исбилерменлик етиўди қәлегенлерге жәрдемлесиў ўазыйпасы белгиленди.

Сырт елде арттырылған жумыс стажы ҳәм пенсия ҳуқықын тән алыў мәселесине де тоқтап өтилди. Бүгин ўатанласларымыз 40 тан аслам мәмлекетте нызамлы түрде ислеп, пенсия төлемлерин төлеп атыр. Усы жылы Қырғызстан, Әзербайжан ҳәм Түркия менен бул бағдарда еки тәреплеме келисимлерге қол қойылған. Пуқараларымыз көп мийнет етип атырған басқа да мәмлекетлер менен де усындай келисимлерге ерисиў тапсырылды.

Мәмлекетимизге келип атырған сырт ел жумысшы күшин тәртипке салыў да додаланды. Өзбекстанда узақ мүддет жасап атырған сырт еллилердиң саны 250 мыңға шамаласқан. Олардан 36 мыңы жумыс ислеўге рухсат алған, 24 мыңы студент. Қалғанлардың бәнтлиги ҳәм дәрамат дәреклери ҳаққында анық мағлыўмат болыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Сондай-ақ, жаңа жумыс орынларына биринши гезекте өзимиздиң пуқараларды орналастырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилис даўамында тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен сөйлести, аймақлар басшыларының мәлимлемеси тыңланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Марҳабо ҲОЖИАКБАРОВА,

ӨзАның хабаршылары