Өзлигимизди аӊлап, өз тарийхымызды өз даўысымыз бенен дүньяға айтыў ўақты келди

1011

Президент Шавкат Мирзиёев 26-октябрь күни кино тараўына заманагөй басқарыў усылларын енгизиў ҳәм “Өзбекфильм” миллий кино брендин жаратыў бойынша презентация менен танысты, тараў ўәкиллери менен сөйлести.

Кино көркем өнери жәмийеттиң социаллық-руўхый турмысында әҳмийетли орын ийелейди. Ол мәмлекеттиң тарийхы, миллий қәдириятлары ҳәм заманагөй раўажланыўын кең жәмийетшиликке жеткериўде нәтийжели қурал есапланады.

Тараўды қоллап-қуўатлаўға байланыслы еки пәрман ҳәм сегиз қарар қабыл етилди. Фильмлер алыў ушын мәмлекетлик бюджеттен 2016-жылы 10 миллиард сум ажыратылған болса, быйыл 218 миллиард сум берилди. Он жылда ажыратылған қаржы жәми 1 триллион 200 миллиард сумды қурады.

Тараўда мәмлекет монополиясы сапластырылып, жеке меншик киностудиялардың жумысы жолға қойылды. Тарийхый шахслар ҳәм миллий өзликти аңлаўға қаратылған шығармалар сүўретке алынып, заманагөй кинопавильонлар шөлкемлестирилди. Сырт мәмлекетлер менен ири жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы әмелге асырылып атырған илажларға қарамастан, тараўда кемшиликлер сақланып қалып атырғанын атап өтти. Атап айтқанда, уллы өзбек режиссёрлары тийкар салған терең психологиялық ҳәм философиялық өзбек кино мектеби төменлеп, жүзеки сюжетли фильмлер көбейгени, сапалы сценарийлер жетиспей атырғаны ҳәм операторлық, сесли режиссёрлық ҳәм монтаж тараўындағы әўладлар үзилиўи жүзеге келгени көрсетип өтилди.

Үйрениўлер ҳәзирги ўақытта ислеп шығарылыўы белгиленген 181 жойбарда тема ҳәм дәўирлердиң тәкирарланыўы, дөретиўшилердиң бир ўақыттың өзинде бир неше жойбарларда қатнасыўы, айырым студия ҳәм дөретиўшилик топарлар жетерли тәжирийбеге ийе емес екенлигин көрсетти.

Агентлик жумысының нәтийжелилигиниң тийкарғы көрсеткишлери сүўретке алынып атырған фильмлердиң ғалабалығы, тамашагөйлердиң тән алыўы емес, ал тастыйықланған режени орынлаўдан ибарат болып қалғаны атап өтилди. Қалаберди, фильмлердиң маркетинг, дистрибуция ҳәм халықаралық сатыўы бойынша система жолға қойылмаған.

Презентацияда кино тараўына заманагөй басқарыў усылларын енгизиў ҳәм “O‘zbekfilm” миллий кино брендин жаратыў мақсетинде бир қатар басламалар билдирилди. Атап айтқанда, Кинематография агентлиги, оның системасындағы 19 шөлкем ҳәм Кинематография қорын сапластырыў, олардың ўәкилликлерин Мәденият министрлигине өткериў, босап қалған имаратларды аукционда сатыўға шығарыў усыныс етилди.

Мәденият министрлигиниӊ шөлкемлестириўинде “Өзбекфильм” миллий кинокомпаниясы шөлкемлестирилип, тараўдағы бас оператор етип белгиленеди. Кино өнимлерин ислеп шығарыўда мәмлекетлик буйыртпа системасы бийкар етилип, жойбарлар компания тәрепинен оған ажыратылатуғын бюджет субсидиялары арқалы қаржыландырылады.

Сондай-ақ, Dolby Atmos технологиясы тийкарында даўыс студиясы менен үскенеленген заманагөй Дубляж ҳәм даўыс бериў орайын шөлкемлестириў, миллий онлайн киноплатформа ислеп шығып, өнимлерди монетизциялаў имканиятын жаратыў нәзерде тутылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды мақуллап, кино тараўында заманагөй басқарыў усылларын енгизиўди жеделлестириў, тараўда дөретиўшилик еркинликти тәмийинлеў, сапалы сценарийлер ҳәм турмыслық сюжетлерге бай фильмлерди сүўретке алыў жумысларын кеңейтиў, халықаралық дәрежеде өзбек кино мектебиниң абырайын тиклеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Буннан соң Президентимиз Шавкат Мирзиёев “Өзбекфильм” киностудиясында кино тараўының ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўде миллий кинода ерисилген нәтийжелер, тараўда шешимин күтип атырған мәселелер ҳәм оны раўажландырыўдың жаңа бағдарлары ҳаққында сөз болды.

Мәмлекетимиз басшысы “Өзбекфильм” бир неше әўлад дөретиўшилериниң мийнети менен байланыслы қәдирли мәкан екенин атап өтти. “Мәҳәлледе дуў-дуў гәп”, “Өткен күнлер”, “Сум бала”, “Шынар астындағы дуэл”, “Сүйинши” сыяқлы фильмлер ҳәм олардың қаҳарманлары халқымыздың ядында сақланып қалған. Бул дәстүр ғәрезсизлик жылларында “Абдуллажан”, “Атамнан қалған атызлар”, “Дилхирож”, “Ўатан”, “Отаў” сыяқлы шығармалар менен даўам еттирилди.

– Бул дәргайда миллий кино тарийхымыз, бир неше әўлад дөретиўшилериниң мийнети, халқымыздың экранға көшкен арзыў-нийетлери жәмленген, – деди Президентимиз.

Тараўға онлаған жеке меншик киностудиялар кирип келди, миллий кадрлардың жаңа әўлады жетилисип шықты. “Исламхожа”, “Ибрат”, “Авлоний”, “Абдулла Қадирий”, “Қоқанд самалы”, “Муқимий”, “Илҳақ”, “Өзбек қызы”, “Баҳадыр Жалаңтөс” сыяқлы тарийхый фильмлер жаратылды. Жақында “Алтын глобус” халықаралық кино сыйлығы шеңберинде Орайлық Азия ҳәм Кавказ кинодөретиўшилерин сыйлықлаў мәресими биринши мәрте Ташкентте өткерилди. Онда көркем өнер ғайраткери Гулчеҳра Жамилова “Меридиан” сыйлығына миясар болды.

Президентимиз ерисилген нәтийжелер менен бирге бар машқалаларды да ашық көрсетип өтти. Социаллық тармақлардың раўажланыўы себепли адамлар кинотеатрға бармай қойғаны ҳаққындағы пикирлерге қарамастан, сырт ел фильмлериниң қойылыўында кинозаллар толып атыр.

– Демек, тамашагөй киноға, кинотеатрларға барыўдан ўаз кешпеди, тек ғана оның талғамы ҳәм талабы өзгерди, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Миллий фильмлердиң усы талапты қанаатландырыўына фильм ислеп шығарыўдан оны тамашагөйге жеткериўге шекемги тутас шынжыр – дистрибуция қәлиплеспегени тосқынлық етпекте. Сондай-ақ, профессионал кинотаныўшылардың пикири менен жетерлише есапласылмай атыр. Мәмлекетимиз жетекшиси қалыс таллаў дөретиўшиге өз кемшиликлерин көриў ҳәм өсиў имканиятын беретуғынын атап өтти.

Әмелдеги мәмлекетлик буйыртпа ҳәм сатып алыў системасы да заманагөй кино индустрия талапларына жуўап бермей атыр. Бир ўақыттың өзинде бир режиссёрға алтыға шекем, бир авторға жетиге шекем жойбар бириктирилген. Буйыртпалардың дерлик ярымы мәмлекетлик студияларға берилгени жеке меншик дөретиўшилердиң тең бәсекилесиў имканиятын шеклеген. Сценарий сүўретке алыў процесинде байыўы, дөретиўшилик шешимлер өзгериўи мүмкин екенлиги себепли, фильмди әпиўайы товар ямаса қурылыс объекти сыяқлы техникалық тапсырма тийкарында сатып алыў дурыс емес екенлиги атап өтилди.

– Негизинде, дөретиўшиниң мийнетиниң нәтийжеси тамашагөйди терең ойландырып, қәлбинде из қалдырған фильм менен өлшениўи керек, – деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы кино халықлар бир-бирин таныўына хызмет ететуғынын, өзиниң тарийхы, мәденияты ҳәм миллий қаҳарманларын жәҳән экранларында мүнәсип көрсете алған мәмлекеттиң ҳаўазы ҳәм тәсири кеңейетуғынын атап өтти. Кино бүгин мәмлекеттиң халықаралық абырайын арттыратуғын “жумсақ күш”ке айланған. Ол перзентлеримиздиң сана-сезими ҳәм дүньяқарасын қәлиплестириўде де үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз жетекшиси “Өз” идеясының кино көркем өнериндеги көринисин “Өзлигимизди аңлап, өз тарийхымызды өз даўысымыз бенен дүньяға айтыў” деп тәрийпледи. Экранда уллы ата-бабаларымыз бенен бирге бүгин арамызда жасап атырған инсанлардың да ҳақыйқый келбети сәўлелениўи керек екенлигин айтты. Муғаллимлер, шыпакерлер, спортшылар, Ўатан қорғаўшылары, исбилерменлер, қурылысшылар ҳәм жаслардың турмысы тәсиршең фильмлер ушын үлкен тема екени атап өтилди.

– Перзентлеримиз усындай қаҳарманларда өзин көрсин, өз күшине исенсин, өз елиниң келешегине байланыслылығын сезсин, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Миллий киноны раўажландырыў ушын тараўды басқарыў, қаржыландырыў ҳәм фильм жаратыў ўазыйпалары анық ажыратылады. Кинематография агентлиги сапластырылып, мәмлекетлик сиясатты жүргизиў ўәкиллиги Мәденият министрлигине өткериледи. Министрликте Кино көркем өнери департаменти шөлкемлестирилип, оның басшысы статусы министрдиң орынбасарына теңлестириледи. Жуўапкерлерге бир айда жаңа департамент жумысын жолға қойыў ҳәм агентлик системасын сапластырыў жумысларын жуўмақлаў тапсырылды.

Мәмлекетлик мәкеме болған “Өзбекфильм”ниӊ орнында заманагөй бизнес модели тийкарында ислейтуғын “Өзбекфильм” миллий кинокомпаниясы шөлкемлестириледи. Компания өзи фильм ислеп шығармайды – оларды жаратыў толық жеке меншик секторға өтеди. Миллий кинокомпания жойбарларды таңлаў ҳәм қаржыландырыў, фильмлерди үгит-нәсиятлаў, тарқатыў ҳәм халықаралық базарлар ҳәм фестивальларға алып шығыў менен шуғылланады. Оның жумысын бир ҳәптеде жолға қойыў ўазыйпасы белгиленди.

Киноларды қаржыландырыўда мәмлекетлик буйыртпаның орнына субсидия тийкарында қоллап-қуўатлаў системасы енгизиледи.

– Буннан былай мәмлекет фильмниң буйыртпашысы емес, дөретиўшилер ҳәм жеке меншик сектордың исенимли шериги болады, – деди Президентимиз.

Жаңа системада техникалық тапсырмаларға емес, дөретиўшилик процесс ҳәм оның талапларына үстинлик бериледи. Қаржыландырыў механизмин бир айда енгизиў, келеси жылдан баслап миллий кинокомпанияның сораўына бола ҳәр жылы бюджеттен тийисли қаржы ажыратып барыў тапсырылды.

“Өзбекфильм”ниң 10 гектарлық аймағында кино хызметлери жәмленген бирден-бир индустриаллық кластер – “Өзбекфильм кино қалашасы” шөлкемлестириледи. Бул мақсетке 400 миллиард сум қаратылады. “Кино қалашасы”нда қурылатуғын заманагөй Дубляж ҳәм даўысландырыў орайы ушын 80 миллиард сум ажыратылады. Еки айда қалашаның мастер-режеси ҳәм жойбар-сметасын ислеп шығыў, қурылысты келеси жыл март айынан баслаў ўазыйпасы қойылды.

Кинодөретиўшилер ушын және бир баслама жәрияланды. Төменги Шыршық районында заманагөй талаплар тийкарында оңланған “Көҳинур” санаториясы толығы менен олардың ықтыярына бериледи. Сондай-ақ, ҳәр жылы тараўдың кеминде 300 хызметкерине республикалық санаторийларда дем алыў ҳәм емлениў ушын бийпул жоллама бериледи.

Тараўда илим, таллаў ҳәм профессионал сыншылықты раўажландырыў ушын “Кинотаныўшылар клубы” шөлкемлестириледи. Миллий кинокомпания оның жумысын қоллап-қуўатлап, Халықаралық кинотаныўшылар федерациясы – FIPRESCIға ағза болыўына жәрдемлеседи.

Өзбекстан Кино ғайраткерлери ҳәм Өзбекстан кино санааты ўәкиллери ассоциациялары бирлестирилип, Өзбекстан кино тараўы ўәкиллери палатасы дүзиледи. Палата дөретиўшилердиң авторлық ҳуқықлары ҳәм кәсиплик мәплерин қорғаў, жаслардың профессионаллық өсиўине жәрдемлесиў менен шуғылланады. Жас кинодөретиўшилердиң сырт елде тәжирийбе арттырыўы қоллап-қуўатланады.

Президентимиз “Өзбекфильм” атамасын миллий киномыздың бирден-бир бренди сыпатында беккемлеўди усыныс етти. Ҳәзирги Чиланзар көшесиниң бул бөлегине “Өзбекфильм” атын бериў, Кино көркем өнери музейи, Кино көркем өнери сарайы ҳәм Миллий кинофондты да усы атама астында бирлестириў басламасы билдирилди.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы тәжирийбели кинодөретиўшилер ҳәм жаслардың пикирлерин тыңлады. Дөретиўшилерге зәрүр шараят жаратылатуғыны ҳәм олардың басламалары қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди. Жақсы кино жаратыў ушын ҳадал мийнет, ўатансүйиўшилик ҳәм халқымызды сүйип дөретиўшилик етиў де зәрүр екенлиги айтылды.

– Сизлерге исенемен. өзлигимизден күш алып, бүгинги турмысымызды терең аңлап, миллий киномыздың жаңа бетин биргеликте жарата аламыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Әбиў Әлий ибн Синаның балалығына бағышланған “Ҳусайн” тарийхый-көркем фильминиң сүўретке алыныў майданы менен танысты.

Балалар контентин раўажландырыў орайының буйыртпасы тийкарында сүўретке алынып атырған фильм ушын “Өзбекфильм” киностудиясында ойшыл жасаған дәўирдиӊ орталығын сәўлелендириўши декорациялар қурылған. Мәмлекетимиз басшысы тарийхый қала дийўаллары, көше ҳәм базар көринислери, дәўирдиң липаслары ҳәм сүўретке алыўда пайдаланылатуғын буйымларды көзден өткерди.

Кинодөретиўшилер менен сөйлесиўде Президентимиз мәмлекетимиз миллий руўхтағы, уллы ата-бабаларымыздың өмирине бағышланған фильмлердиң жаратылыўына итибарды және де күшейтетуғынын атап өтти. Бул жерде қурылған декорацияларды жоқары баҳалап, олар тарийхый орталықты экранда исенимли сәўлелендириўге умтылыўдан дерек екенин атап өтти. Бай тарийхымыз ҳәм уламаларымыздың мийрасын кино тили арқалы жас әўладқа жеткериў, оларда өз өтмишине қызығыўшылық ҳәм мақтаныш сезимин оятыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Фильмде жас Хусайн ибн Абдулланың медицинаға муҳаббаты, устазларына садықлығы ҳәм адамгершилиги сүўретленеди. Шығарма арқалы балаларға алымның илимге умтылыўы ҳәм жеке пазыйлетлерин жақыннан таныстырыў нәзерде тутылған.

“Ҳусайн” фильмин жаратыў Әбиў Әлий ибн Сина илимий мийрасын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген “жол картасы”нда белгиленген. Ҳүжжетте ойшыл туўылған күниниң 1050 жыллығына таярлық көриў де нәзерде тутылған.

Президентимиз фильм дөретиўшилерине табыслар тиледи.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Абдулазиз РУСТАМОВ,

ӨзАның хабаршылары