Өзбекстан – Беларусь: парламентлераралық сөйлесиў дослық қатнасықлар ҳәм жаңа экономикалық имканиятларға кең жол ашпақта

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Өзбекстан – Беларусь парламентлераралық форумында қатнасыў ушын елимизге келген Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республикалық Кеңесиниң Баслығы Наталья Кочанова менен ушырасты.
Онда Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў, байланысларды буннан былай да беккемлеў ҳәм еки тәреплеме қатнасықлардың жаңа бағдарларын белгилеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Тәреплер парламентлер арасындағы турақлы ҳәм ашық-айдын сөйлесиўди даўам еттириў, мәмлекет басшылары дәрежесинде ерисилген келисимлерди турмысқа енгизиўде парламентлердиң ролин буннан былай да күшейтиў әҳмийетли екенин атап өтти. Парламент комитетлери, парламентлераралық бирге ислесиў топарлары ҳәм аймақлар арасындағы тиккелей байланысларды жеделлестириў бойынша пикир алысылды.
Саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ушырасыўдың әҳмийетли бағдарларынан бири болды. Аўыл хожалығы, машина қурылысы, фармацевтика, электротехника, тоқымашылық ҳәм басқа да тийкарғы тармақларда биргеликтеги жойбарларды көбейтиў, исбилерменлер арасында тиккелей бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм өз-ара саўда көлемин арттырыў ушын парламент дипломатиясы имканиятларынан және де нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы көзқарастан, парламентлер тек ғана сиясий сөйлесиўди раўажландырыў емес, ал бизнес ўәкиллери ушын жаңа имканиятлар жаратыў, инвестициялық ҳәм кооперациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаўда да белсене қатнасыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ушырасыўда шөлкемлескен мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиўге де айрықша итибар қаратылды. Пуқараларды нызамлы тийкарда жумыс пенен тәмийинлеў, олардың мийнет, медициналық ҳәм социаллық ҳуқықларын исенимли қорғаў бойынша бирге ислесиў механизмлерин буннан былай да жетилистириў бойынша пикир алысылды.
Мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўди жаңа мазмун менен байытыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм бағдарларында әмелий жойбарларды кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, мәденият күнлери, ректорлар форумлары ҳәм медицина форумларын турақлы өткериў, жаслардың қатнасыўында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Беларусь оқыўшылары арасында тиккелей байланысларды жолға қойыўға қаратылған жаңа жойбарларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Беларусь парламентлери арасындағы бирге ислесиўди институционаллық жақтан және де беккемлеў, аймақлараралық байланысларды кеңейтиў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм халықаралық парламент платформалары шеңберинде өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириў бойынша келисимлерге ерисилди.
Норгул Абдураимова,
ӨзА