Аграр тараўда субсидия ажыратыў ҳәм қамсызландырыў системалары жетилистириледи

Президент Шавкат Мирзиёев аграр тараўда субсидияларды ажыратыў ҳәм қамсызландырыў системаларын жетилистириў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.
Соңғы жылларда аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў көлеми кеңейип, субсидияларды ажыратыў процесслери басқышпа-басқыш санластырылмақта. Усы жылы тараўдағы субсидиялардың саны 29 бағдар ҳәм 91 түрге жеткерилип, бул мақсетлерге 2,7 триллион сум қаржы нәзерде тутылған. Бир қатар бағдарларда арзалар проактив түрде қәлиплестирилип, төлем мүддетлери сезилерли қысқартылды.
Презентацияда енди субсидияларды тек ғана қәрежетти қаплаўға емес, ал анық нәтийжеге байланыстырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Келеси жылдан “қаржы ажыратыў” моделинен “нәтийжели субсидия” моделине басқышпа-басқыш өтиў усыныс етилди.

Жаңа системада өнимдарлық, суў ҳәм энергияны үнемлеў, жумсалған ресурслардың есабынан алынған өнимниң көлеми тийкарғы өлшем болады. Барлық мағлыўматлар тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм сыртқы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларынан инсан факторысыз алынады. Ҳәр бир субсидия алыўшының электрон паспорты қәлиплестирилип, нәтийжелер онлайн бақлап барылады.
Дәслеп бул механизм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бағдарында сынақтан өткериледи. Субсидия ажыратылғаннан кейин еки-үш жыл даўамында суўдың жумсалыўы, зүрәәтлилик ҳәм суўдың өнимдарлығы баҳаланады. Белгиленген көрсеткишлер орынланбаса, субсидия қаржысын қайтарыў механизми қолланылады. Бул мәмлекет қаржыларының мәнзилли ҳәм нәтийжели жумсалыўын тәмийинлейди.

Презентацияда аўыл хожалығы қамсызландырыў системасын жетилистириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Бүгинги күнде “Agrosafe” мәлимлеме системасы арқалы электрон арза бериўден баслап, шәртнама ҳәм полисти рәсмийлестириў, мониторинг, экспертиза ҳәм компенсация пулын төлеўге шекемги процесслер санластырылған.
Қамсызландырыўдың қамтып алыўын кеңейтип, бағ ҳәм жүзим атызларындағы нәл ҳәм тереклер, импорт етилген шарўа маллары және айрықша жағдайлар менен байланыслы қәўип-қәтерлерди де қамсызландырыў режелестирилген. Сондай-ақ, шарўашылық, палыз жетистириў, картошка ҳәм пияз жетистириў ушын жаңа қамсызландырыў өнимлери енгизиледи.
2027-жылы 45 мың аўыл хожалығы кәрханасын қамсызландырыў менен қамтып алыў, аўыл хожалығы өнимлериниң қамсызландырыў қамтып алыўын 60 процентке жеткериў, 500 бийғәрез эксперт таярлаў ҳәм қамсызландырыў хызметлерин толық санластырыў мақсет етилген.
Жаңа көзқараста зыянның ақыбетлерин қаплаў менен бирге қәўиплердиң алдын алыўға да тийкарғы әҳмийет бериледи. Қамсызландырыў сыйлығының 3-5 процентин арнаўлы қорда қәлиплестирип, шарўашылықта вакцинация, профилактика ҳәм ветеринария хызметлерине, пахта ҳәм ғәллешиликте биологиялық қорғаў илажларына, бағшылық ҳәм жүзимгершиликте болса тәбийий апатшылықлардан қорғаў қуралларын орнатыўға бағдарлаў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы субсидия ҳәм қамсызландырыў системалары, бәринен бурын, фермер ушын әпиўайы ҳәм қолайлы болыўы, мәмлекетлик қаржылар анық нәтийжеге хызмет етиўи зәрүр екенлигин атап өтти. Процесслерде инсан факторын қысқартыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, қамсызландырыў ҳәдийселерин әдил баҳалаў ҳәм компенсация пулларын жедел төлеў бойынша көрсетпелер берилди.
Жуўапкерлерге билдирилген усынысларды жетилистирип, тийисли ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын киргизиў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА