Жасалма интеллектке 2050-жылға шекем 32 триллион доллар жумсалыўы күтилмекте

130

Жасалма интеллекттиң раўажланыўы дүньяда үлкен инвестиция талап етпекте. PwC есап-санақларына бола, 2050-жылға шекем ЖИ инфраструктурасына 32 триллион долларға шамалас қаржы жумсалыўы мүмкин. Қаржылардың үлкен бөлеги жасалма интеллекттиң ислеўи ушын зәрүр болған дата-орайлар, серверлер ҳәм арнаўлы чиплерге бағдарланады.

Қәнигелердиң пикиринше, сервер ҳәм чиплерди узақ жыллар пайдаланыўға болмайды. Олар технология тез раўажланып атырғаны себепли шама менен ҳәр 4-6 жылда жаңаланыўы керек. Егер жасалма интеллектке талап ҳәзиргиден де тез артса, улыўма қәрежет 50 триллион долларға шекем жетиўи мүмкин. Бул қаржылар электр энергиясына болған талапты да кескин арттырады. Себеби, миллионлаған серверлердиң ислеўи ушын үлкен муғдардағы электр энергиясы зәрүр.

Солай етип, жасалма интеллект ушын гүресиў енди тек ғана ең күшли программаны жаратыў менен шекленбейди. Кимде көбирек сервер, чип ҳәм энергия болса, ЖИ жарысында үстинликке ерисиўи мүмкин,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги