Жумыс пенен бирге оқып атырған хызметкерлерге кепилликлер ҳәм компенсацияларды бериўдиӊ тәртиби қандай?

103

Нызамшылығымызға бола, жумыс пенен бирге билим алып атырған хызметкерлерге кепилликлер ҳәм компенсациялар бериўдиң анық тәртиби белгиленген. Жумыс бериўши бундай хызметкерлерге оқыў ҳәм мийнетти бирге алып барыўы ушын зәрүр шараятлар жаратып бериўи шәрт.

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев бул бойынша төмендегилерди мәлим етти:

– Кепиллик ҳәм компенсациялар биринши мәрте тийисли дәрежеде билим алып атырған хызметкерлерге бериледи. Егер хызметкер алдын да усы дәрежедеги билимлендириўди алған болса, бирақ жумыс бериўши оны ишки ҳүжжетлер, мийнет шәртнамасы ямаса айрықша келисим тийкарында қайта оқыўға жиберген болса, оған да усы жеңилликлер берилиўи мүмкин.

Хызметкер бир ўақыттың өзинде еки билимлендириў мәкемесинде оқып атырған болса, кепилликлер ҳәм компенсациялар тек биреўи бойынша – хызметкер таңлаған билимлендириў шөлкеми ушын бериледи. Мийнет кодексиниң 383-статьясында нәзерде тутылған оқыў дем алысы хызметкердиң жумыс стажына қосып есапланады.

Биринши мәрте билим алып атырғанда кепилликлер ҳәм компенсациялар хызметкер тийисли дәрежедеги билимди (мәселен, бакалавриат ямаса магистратура) биринши мәрте алып атырғанда тийкарғы жумыс орнынан бериледи.

Жумыс бериўшиниң жолламасы менен болса, егер хызметкер бурын тийисли дәрежедеги билимди алған болса, бирақ жумыс бериўши тәрепинен ишки ҳүжжетлер, мийнет шәртнамасы ямаса айрықша келисим тийкарында қайта оқыўға жиберилген болса, оған да бул жеңилликлер усынылады. Хызметкер бир ўақыттың өзинде еки билимлендириў шөлкеминде оқыса, кепилликлер ҳәм компенсациялар хызметкердиң таңлаўына бола тек ғана бир оқыў орны бойынша бериледи.

Жумысты билимлендириў менен бирге алып барып атырған хызметкерлерге төмендеги жеңилликлер кепилленеди.

Соның ишинде, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў шөлкемлеринде кешки ямаса сыртқы тәризде оқып атырған хызметкерлерге лаборатория-имтихан сессиялары, мәмлекетлик имтиханларды тапсырыў ҳәм диплом жойбарын қорғаў дәўиринде орташа мийнет ҳақы сақланған ҳалда қосымша оқыў дем алыслары бериледи.

Имтиханлар ҳәм диплом жумысы дәўиринде хызметкерлерге нызамшылықта белгиленген тәртипте жумыс ҳәптесиниң қысқартылыўы ямаса жумыстан босатыў күнлери бериледи.

Сыртқы билимлендириўде оқып атырған хызметкерлерге жылына бир мәрте лаборатория-имтихан сессиясына барып-келиўи, сондай-ақ, мәмлекетлик аттестациядан өтиўи ушын билимлендириў шөлкеми жайласқан жерге барыў ҳәм қайтыў жол ҳақысының 50 процентинен кем болмаған муғдары жумыс бериўши тәрепинен төлеп бериледи.

Хызметкерлерге гезектеги жыллық мийнет дем алыслары олардың оқыў дем алысларынан пайдаланғанына қарамастан бериледи ҳәм жумыс бериўши хызметкердиң қәлеўине бола бул дем алысларды имтиханлар ямаса сессиялар дәўирине қолайластырып бериўи мүмкин.

Гулноза Бобоева, ӨзА