Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў бойынша жумыслар жаңадан шөлкемлестириледи

621

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 3-сентябрь күни кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў бойынша жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Елимизде соңғы жыллары кәмбағаллықты қысқартыў, халықты дәрамат дереклери менен тәмийинлеў ҳәм мәҳәлле дәрежесинде экономикалық имканиятларды кеңейтиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Бул мақсетлер ушын аймақларға үлкен ўәкиллик, қаржы ресурслары ҳәм инфраструктуралық имканиятлар берилди, ҳәр бир шаңарақ пенен мәнзилли ислесиў системасы жолға қойылды.

Нәтийжеде жылдың басында 5,8 процентти қураған кәмбағаллық дәрежеси бүгинги күнге келип 3,9 процентке түсти. Жәрдемге мүтәж адамлардың саны 2 миллион 200 мыңнан 1,5 миллионға азайды. Жумыслары дурыс шөлкемлестирилген 49 район ҳәм 3 мың 429 мәҳәлле жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айланып бармақта.

Соның менен бирге, аймақлар кесиминде нәтийжелер бирдей емес екенлиги көрсетип өтилди.

Кейинги үш жылда мәҳәллелердеги исбилерменлик жойбарлары ушын 314 триллион сум ресурс ажыратылды. Бирақ, бирдей муғдарда қаржы алған аймақларда кәмбағаллықты қысқартыў нәтийжелилиги кескин парықланатуғыны таллаўлар арқалы көрсетилди.

image

Мәселен, Шараф Рашидов ҳәм Қаршы районларына 2 триллион 300 миллиард сумнан кредит ресурсы берилген. Шараф Рашидов районында усы қаржылардың есабынан 30 мың адам кәмбағаллықтан шығарылған болса, Қаршы районында 13 мың мүтәждиң шараяты жақсыланған.

Сонлықтан, кредит ажыратыўдың өзи ақырғы нәтийже сыпатында қаралмайтуғыны, ҳәр бир жойбар қанша турақлы жумыс орны жаратылғаны ҳәм қанша шаңарақтың турақлы дәрамат дерегине ийе болғаны менен баҳаланатуғыны белгиленди.

Мәжилисте орынларда нәтийжеге ерисиўге тосқынлық етип атырған факторлар да талқыланды. Атап айтқанда, ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәҳәлле банкирлериниң ҳәммеси де бизнес жойбарларын қәлиплестириў, финанслық инструментлерди дурыс таңлаў ҳәм исбилермен менен оның идеясынан таяр бизнеске шекемги ислесиў көнликпесине ийе емес екенлиги атап өтилди.

Соңғы бир жылда аймақларда шөлкемлестирилген 86 мың киши кәрхананың 15 мыңы жумысын тоқтатқан. Банктен кредит алып, бизнесин күтилген дәрежеде жолға қоя алмаған 62 мың пуқара кредитлерди қайтарыўда қыйланбақта.

Усы мүнәсибет пенен халық ҳәм исбилерменлерге тек ғана қаржы ресурсын усыныс етиў емес, ал базар, технология, кәсип, бизнес реже ҳәм сатыў шынжырын да қамтып алған комплексли шешим бериў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

image

Бул бағдарда Хорезм ўәлаятында өткерилген үйрениўлер мысал етип келтирилди. Президент тапсырмасына муўапық, экономикалық комплекс басшылары еки ҳәпте даўамында ўәлаяттағы 81 мың кәмбағал халық, яғный 19 мың шаңарақтың шараятын үйренди. Бул шаңарақларда 12 мың жумыссыз ҳәм 10 мың дәраматы төмен адамның бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта Хорезмдеги исбилерменлер қурылыс тараўына 4 мың, хызметлер тараўына 3 мың ҳәм санаатқа 2,5 мың жумысшы излемекте. Бар бос жумыс орынлары ҳәм кәсипке таярлаў имканиятларын өз-ара байланыстырыў арқалы кәмбағал шаңарақлардағы 10-15 мың адамның дәраматын арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, үйренилген жәрдемге мүтәж шаңарақларда 48 мың бала бар екенлиги, оларды ҳәзирден-ақ кәсип-өнер ҳәм заманагөй көнликпелерге бағдарлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Жаслар жетекшилери, ҳәким жәрдемшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилерине мектеплер, техникумлар ҳәм оқыў орайларында бундай шаңарақлардың перзентлери ушын қосымша дөгереклер шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленди.

Хорезмде кәмбағал шаңарақлардағы 10 мыңнан аслам ҳаял перзент тәрбиясы менен бәнт. Сонлықтан, бала тәрбиялап атырған ата-аналар ушын үйинде ямаса мәҳәллениң өзинде дәраматлы мийнет етиў имканиятларын кеңейтиў, перзентлерди мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў арқалы олардың мийнет базарына қайтыўына шараят жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Хорезм мысалындағы таллаўлар барлық аймақларға тийисли екени атап өтилип, кәмбағаллық пенен ислесиў бойынша пүткиллей жаңа система енгизилетуғыны белгиленди.

image

Енди ҳәр бир ўәлаят ҳәм районда ҳәкимниң басшылығында арнаўлы штаблар шөлкемлестириледи. Банклер, бәнтлик уйымлары ҳәм экономикалық комплекстиң басқа да шөлкемлери усы штаблар менен биргеликте халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын арттырыў мәселелерин орынның өзинде шешеди.

Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери экономикалық комплекс пенен биргеликте ҳәптениң үш күнин тиккелей кәмбағаллық ҳәм бәнтлик мәселелерине бағышлайды.

Жаңа системаның ең әҳмийетли тәрепи болса қаржы ресурслары ҳәм қарар қабыл етиў ўәкилликлериниң үлкен бөлеги район дәрежесине түсирилетуғыны болады. Шаңарақлық ҳәм жаслар исбилерменлиги бойынша жеңиллетилген кредит ресурсларын басқарыў ўәкиллиги районлық штабларға өткериледи.

Ҳәзир шаңарақлық исбилерменлик ушын 1 триллион 370 миллиард сум, жаслар исбилерменлиги ушын 450 миллиард сум ресурс бар. Районлық штаблар жергиликли шараят ҳәм жойбардың өзгешелигинен келип шығып, кимге қанша кредит бериў, оның мүддети ҳәм төлем графигин бизнес түрине бейимлестириў мәселелерин шешиў имканиятына ийе болады.

Кредит, лизинг, факторинг, кепиллик, қамсызландырыў, айланба қаржы ҳәм басқа финанслық инструментлер исбилерменлик жойбарының өзине тән өзгешелигинен келип шығып қолланылады. Дийқаншылық, саўда, хызметлер ҳәм басқа да бағдарларда дәраматтың қәлиплесиў мүддети ҳәр қыйлы болғаны ушын қаржыландырыў шәртлери де соған сай болыўы керек екенлиги атап өтилди.

image

Кооперацияға тийкарланған жойбарларға қосымша имканиятлар жаратылады. Лидер исбилермен 10 шаңарақ пенен кооперация ислесе, 500 миллион сумға шекем, 100 шаңарақ пенен бирге ислесиўди жолға қойса, 5 миллиард сумға шекем гиреўсиз кредит алыўы мүмкин болады.

Кредит тарийхында кешигиў болған жәрдемге мүтәж инсанлардың басламалары да индивидуал баҳаланады. Перспективалы жойбарларды жеңиллетилген қаржыландырыў имканияты жаратылады.

Кәмбағаллық қорындағы 240 миллиард сумлық, Бәнтлик қорындағы 100 миллиард сумлық ҳәм үш “дәптер”деги 760 миллиард сумлық қаржы районлық штаблардың ықтыярына бериледи. Исбилерменлик компаниясының компенсациялар ушын жылдың ақырына шекем нәзерде тутылған 300 миллиард сумлық ресурсы да штаблар арқалы бағдарланады.

Усы тәризде районлардың ықтыярына жәми 3 триллион 200 миллиард сум ресурс берилип, қаржылардың анық нәтийже бериўи тийкарғы норма етип белгиленеди.

Қаржыландырыў механизмлерин экономикадағы тез өзгерислерге бейимлестириў ушын да жаңа қатнас енгизиледи. Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Орайлық банк аймақлардың потенциалы, бизнес орталығы ҳәм базар талабынан келип шығып, кредит, субсидия және компенсация механизмлерин ҳәр шеректе жетилистирип барады.

Соның менен бирге, мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм банкирлердиң потенциалын арттырыўға айрықша итибар қаратылады. 8 мың 992 мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшилериниң жумысы нәтийжелилик ҳәм интакерлик нормалары тийкарында қайта баҳаланады.

image

Еки ай мүддетте арнаўлы оқыў орайы шөлкемлестирилип, оған сырт елден қәнигелер тартылады. Ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәҳәлле банкирлери жойбар таярлаў, бизнес моделин есаплаў, қаржыландырыў қуралларын таңлаў ҳәм исбилермен менен ислесиўге оқытылады. Ең жақсы нәтийже көрсеткен қәнигелерди Қытай, Япония ҳәм Түркияда тәжирийбе арттырыўға жибериў, үлгили хызметкерлерди қосымша хошаметлеў илажлары белгиленди.

Мәжилисте исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыў системасы да көрип шығылды. Енди районлар исбилерменлик инфраструктурасы жойбарларының тиккелей буйыртпашысына айланады ҳәм зәрүр қаржылар тиккелей орынларға қаратылады. Районлық штабларға жойбарлаў, қурылыс ҳәм сапа қадағалаўын жеке меншик секторға бериў ҳуқықы да бериледи.

Кәмбағаллықты қысқартыўда социаллық қорғаў механизмлери де жаңаша қатнас тийкарында жетилистириледи. Социаллық қорғаў миллий агентлигине жылдың ақырына шекем жәрдемге мүтәж халықты Социаллық реестрге киргизиў нормаларын қайта көрип шығыў тапсырылды.

photo_2026-09-03_16-24-36

Онда тек ғана шаңарақтың дәраматы емес, ал созылмалы кеселлик, майыплық, көп балалылық, шаңарақ ағзаларының сырт елде ислеп атырғаны ҳәм басқа да социаллық факторларды есапқа алатуғын көп өлшемли баҳалаў системасына өтиледи.

Мәмлекет бойынша кәмбағаллық дәрежеси 3,9 процентке түскен болса да, үш жасқа шекемги перзенти бар шаңарақларда бул көрсеткиш орташа 6,5 процентти қурамақта. Соның ушын, бала тәрбиялап атырған ата-аналарды үйинде ямаса мәҳәллениң өзинде жумыслы ҳәм дәраматлы ететуғын система жолға қойылады.

Социаллық реестрдеги жумыс ислейтуғын аналарға перзенти бир жасқа толғанға шекем Социаллық қамсызландырыў қорынан напақа төленеди. Ал мийнетке жарамсыз мүтәж шаңарақлар ушын турақлы дәрамат дерегин жарататуғын социаллық пакетлер әмелияты даўам еттириледи. Усы жылы бул мақсетлерге 300 миллиард сум ажыратылған болып, бундай жәрдем алған 11 мың шаңарақтың дерлик ярмында дәрамат сезилерли артқаны атап өтилди.

Келеси жылдан Социаллық реестрге киргизилген шаңарақлардың перзентлериниң мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақша төлемлери, оқыў орайларында билим алыў қәрежетлери, жол кирейи және жоқары билимлендириў мәкемесиниң жатақханасы ушын төлемлер ваучер тийкарында қаплап бериледи. Ваучер 12 ай мүддетке берилип, шаңарақ Социаллық реестрден шығарылғаннан кейин де белгиленген мүддет ақырына шекем әмел етеди.

Мәжилисте аймақ басшыларының алдына жылдың ақырына шекем 350 мың халықты турақлы жумысқа жайластырыў, және 1 миллион халықтың дәраматын арттырыў ҳәм 230 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў ўазыйпалары қойылды.

Ҳәр бир бағдар бойынша анық механизм ҳәм ҳәрекетлер алгоритмин ислеп шығыў, мәҳәлле дәрежесине шекем жуўапкерлерди белгилеў ўазыйпасы қойылды. Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша үлкен әмелий тәжирийбе топлаған мәмлекетлер, соның ишинде, Қытай қатнасы тийкарында халық пенен тиккелей ислейтуғын хызметкерлер ушын анық көрсетпелер таярланады.

Жаңа системада тийкарғы жуўапкершилик ҳәм ресурслар орынларға түсирилип, мәҳәлледеги ҳәр бир имканиятты жумыс орны ҳәм дәрамат дерегине айландырыў, ҳәр бир жәрдемге мүтәж шаңарақ пенен оның шараяты ҳәм имканиятынан келип шығып ислесиў тийкарғы ўазыйпа болады.

Мәжилис жуўмағында жуўапкерлердиң ҳәм аймақлар басшыларының мәлимлемеси тыңланып, белгиленген ўазыйпаларды системалы ҳәм нәтийжели етип шөлкемлестириў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

 

ӨзА