Өзбекстан Президенти Сингапурдың Премьер министрин қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-август күни Сингапур Республикасының Премьер министри Ли Сянь Лунныӊ басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Сөйлесиў алдынан Премьер министр Сингапур Президенти Тарман Шанмугаратнам ҳәм Бас министри Лоуренс Вонгтың қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан – Сингапур қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Сиясий сөйлесиў ҳәм барлық дәрежелердеги еки тәреплеме байланыслар жедел қоллап-қуўатланбақта.

Товар алмасыў көлеми ҳәм қоспа кәрханалардың саны жедел пәтлерде өсип бармақта. Сингапурдың елимиз экономикасына киргизген инвестицияларының көлеми дерлик 2 миллиард долларды қурады.
Сингапур исбилерменлериниң елимиздеги инвестициялық жумысын кеңейтиў режелери қоллап-қуўатланды. Стратегиялық ҳәм инновациялық шериклик бойынша орта мүддетли биргеликтеги бағдарламаны ислеп шығып, онда саўда, инвестициялар, технологиялар трансфери, мәмлекетлик басқарыў системасын модернизациялаў, инсан капиталын раўажландырыў, санластырыў ҳәм басқа да бағдарларға үстинлик бериўге келисип алынды.

Өзбекстанда арнаўлы экономикалық зоналардың жумысын жетилистириў, Ташкент халықаралық финанс орайы ҳәм санлы банк системасын раўажландырыўда Сингапурдың алдынғы тәжирийбесин енгизиўге айрықша итибар қаратылды.
Сингапур жоқары билимлендириў мәкемелериниң мәмлекетимиздеги жумысы буннан былай да қоллап-қуўатланатуғыны билдирилди.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў процесин баҳалаў ҳәм биргеликтеги режелерди муўапықластырыў ушын сиясий ҳәм экономикалық структуралар арасында турақлы сөйлесиўди жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жақында Өзбекстан БМШтың Медиация ҳаққындағы Сингапур конвенциясына қосылғаны қоллап-қуўатланды.
Халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.
ӨзА