Қарақалпақстанлы футболшыларға байрам саўғасы

128

Ғәрезсизлик байрамы алдынан ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиз бойынша ири объектлер, соның ишинде, Қарақалпақстанда да 12 ири объекттиң қатарында «Туран» футбол стадионы иске түсирилди.

Стадион жәми 117 млрд. сум қаржы есабынан реконструкцияланып, бүгинги күнде заманагөй көриниске ийе болды.  Стадионды заманагөй талаплар тийкарында қайта қурыў ҳәм абаданластырыў жумыслары жедел пәтлерде әмелге асырылды.

Реконструкциялаў жумыслары шеңберинде тийкарғы футбол майданына қосымша 2 футбол майданшасы, футболшылар ушын жатақхана, оқыў ханалары, асхана, китапхана, фитнес ҳәм спорт заллары, халыққа хызмет көрсетиў орынлары, автомобиль туратуғын орын қурылды. Буның нәтийжесинде стадион футболға қәнигелескен спорт комплексине айландырылды.

Сондай-ақ, футбол ойынларын заманагөй талаплар тийкарында өткериў мақсетинде VAR – төрешилер қарарларын видеожазыў арқалы қайта көрип шығыў системасы орнатылды.

Бул ири жойбар аймақта спортты раўажландырыў, ықласбентлер ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз шараятлар жаратыўға хызмет етеди.

Мийманлар стадионда жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме хызмети