Өз тараўының пидайылары сыйлықланды

Усы жыл 26-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы менен елимиздиң раўажланыўы, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў жолында, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында реформалардың нәтийжесин тәмийинлеўде жанкүйерлик көрсетип киятырған, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, елимизде тынышлық-татыўлық, миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик орталығын беккемлеў, Жаңа Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырай-мәртебесин арттырыўға мүнәсип үлес қосып атырған бир топар ўатанласларымызды сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды ең уллы ҳәм ең әзиз байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы тийкарында сыйлықланған ўатанласларымызға «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы» естелик белгиси тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан шығып сөйлегенлер, мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын Президентимизге, республикамыздың басшыларына миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги