Телефон номери арқалы пул өткериў тәртиби белгиленди

109

Өзбекстанда физикалық шахслар арасында мобиль телефон номери арқалы пул өткермелерди әмелге асырыў тәртиби белгиленди. Орайлық банк басқармасының тийисли қарары 24-август күни мәмлекетлик дизимнен өткерилген болып, ҳүжжет рәсмий жәрияланғанынан үш ай өткеннен кейин күшке киреди.

Жаңа тәртип енгизилгеннен соң, пуқаралар пул жибериўде алыўшының банк есап бети ямаса банк картасы реквизитлерин киргизиўи шәрт болмайды. Буның ушын алыўшының мобил телефон номери оның банк есап бетине байланысқан болыўы жетерли.

Пул өткермелери Орайлық банктиң Тез төлемлер системасы арқалы әмелге асырылады. Бир банк шеңберинде бир мобил телефон номерин тек бир банк есап бетине бириктириў мүмкин.

Телефон номерин есап бетке байланыстырыў жуўмақланғаннан соң, арнаўлы “байланыстырыў коды” қәлиплестириледи. Пуқара бул байланысты қәлеген ўақытта мобиль қосымша арқалы ямаса банкке тиккелей мүрәжат етип бийкар етиўи мүмкин.

Пул өткериў қалай әмелге асырылады?

Пул жибериўши банктиң мобиль қосымшасында алыўшының телефон номери ямаса “байланыстырыў коды”н киргизеди. Буннан кейин система қабыллаўшының есап бети ҳаққындағы мағлыўматларды анықлайды.

Өткермени тастыйықлаўдан алдын пайдаланыўшыға алыўшының Ф.И.О., банки ҳәм комиссиялық ҳақы ҳаққында мағлыўмат көрсетиледи. Соннан кейин төлеўши операцияны тастыйықлайды.

Мобиль қосымша арқалы әмелге асырылатуғын бундай өткермелер 24/7 режиминде, реал ўақытта орынланады. Тиккелей банкке мүрәжат арқалы әмелге асырылатуғын өткермелер болса банктиң жумыс күнлери ҳәм жумыс ўақтында орынланады.

Қарарда мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў, сондай-ақ, алдаўшылықтың алдын алыў бойынша талапларға әмел етиў мәжбүрий екенлиги де белгиленген.

Өткериў табыслы әмелге асырылғаннан соң, төлеўшиге операцияны тастыйықлаўшы ҳүжжет усынылады. Онда өткермениң номери ҳәм ўақты, төлем системасындағы номер, банклердиң аты, төлеўши ҳәм алыўшының мағлыўматлары, сондай-ақ, өткерме ҳәм комиссиялық ҳақының суммасы көрсетиледи.

Солай етип, жаңа система иске қосылғаннан соң, пуқаралар пул жибериў ушын алыўшының банк реквизитлерин излеп отырмай-ақ, мобиль телефон номери арқалы қаржы өткериў имканиятына ийе болады.

Ш.Маматуропова, ӨзА