Ҳәмиледарлық ҳәм кеселликбойынша  напақалар енди “Барака” картасына өткериледи

105

Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасында напақаларды тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби санластырылмақта.

Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасында пуқараларға ҳәмиледарлық ҳәм туўыў және ўақтынша мийнетке жарамсызлық (кеселлик) бойынша напақаларды тайынлаў ҳәм төлеўдиң жаңа тәртиби енгизилди. Енди тайынланған напақа қаржылары пуқараның “Барака” социаллық картасына тиккелей өткерип бериледи.

Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматына бола, бул тәртип напақа алыў процесин әпиўайыластырыў, артықша бюрократиялық процесслерди қысқартыў ҳәм социаллық төлемлерди пуқараларға тез ҳәм қолайлы жеткерип бериўге қаратылған.

Егер пуқарада “Барака” социаллық картасы бар болса, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў ямаса ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы тайынланғанынан соң қаржылар қосымша арза ямаса мүрәжат талап етилмеген ҳалда автомат түрде усы картаға өткериледи. Онда пуқараның банкке барыўы, өз алдына есап бет ашыўы ямаса напақаны алыў ушын қосымша ҳүжжетлерди усыныўы талап етилмейди. Бул, әсиресе, кеселлик ямаса ҳәмиледарлық дәўиринде болған пуқаралар ушын напақа қаржыларынан пайдаланыў процесин бираз жеңиллестиреди.

Пуқарада “Барака” социаллық картасы болмаған жағдайда да напақа алыў процеси тоқтап қалмайды. Напақа тайынланғанынан кейин пуқара ушын “Барака” мобиль қосымшасы арқалы виртуал социаллық карта автомат түрде ашылады. Тайынланған напақа қаржылары мине, усы виртуал картаға өткерип бериледи. Әҳмийетлиси, виртуал социаллық картаға ийе болыў ушын банкке барыў ямаса өз алдына мүрәжат етиў шәрт емес. Пуқара карта ҳәм оған түскен қаржылар ҳаққындағы мағлыўматларды “Барака” мобиль қосымшасы арқалы көриўи мүмкин.

Енди пуқара напақа тайынланғаннан кейин банкке барыў, өз алдына есап бети ашыў ямаса қосымша ҳүжжетлер усыныў сыяқлы артықша процесслерге дус келмейди. Төлемлердиң электрон түрде әмелге асырылыўы қаржыларды пуқараға оператив, қолайлы ҳәм ашық-айдын түрде жеткериў имканиятын береди. Сондай-ақ, “Барака” социаллық картасы арқалы напақа қаржыларын қабыл етиў пуқараларға өз төлемлерин онлайн бақлаў ҳәм олар ҳаққындағы мағлыўматлардан тез пайдаланыў имканиятын жаратады. Улыўма, бул жаңалық мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасын санластырыў, социаллық төлемлерди басқарыў механизмлерин жетилистириў ҳәм халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыўда әҳмийетли қәдем болмақта.

Қысқаша айтқанда, напақа тайынланыўы менен оны алыў процеси де автоматластырылады: “Барака” картасы бар болса – қаржы усы картаға, карта болмаса – виртуал социаллық картаға өткериледи.

Ш.Маматуропова,

ӨзА