Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлериниң сөйлесиўи Бухарада даўам етеди
156

Елимизде мәмлекетлик сапар менен болып турған Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев өмирлик жолдасы менен Бухара қаласына келди.
Бухара халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманларды Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм өмирлик жолдасы күтип алды.

Салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти, миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.
Бүгин жетекшилер әййемги Бухараның тарийхый естеликлерин зыярат етеди. Санаат кәрханаларының жумысы менен де танысыў режелестирилген.




ӨзА